Капитал базарды буннан былай да раўажландырыў ҳәм банк секторына халықаралық стандартларды енгизиў мәселелери көрип шығылды

38

Президент Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни капитал базарды буннан былай да раўажландырыў ҳәм банк тараўында халықаралық стандартларды енгизиўди жеделлестириў бойынша презентация менен танысты.

Бүгинги күнде айланыстағы баҳалы қағазлардың базар баҳасы 275 триллион сумды қурап, биржада еркин айланыстағы баҳалы қағазлардың көлеми 4 триллион сумға жетти, базарда 717 эмитент ҳәм 77 профессионал қатнасыўшы жумыс алып бармақта.

Соның менен бирге, капитал базардың капиталластырыў көлеми жалпы ишки өнимге салыстырғанда 20 процентти қурап, жәҳән көрсеткишлеринен бираз төмен екени, бул тараўда еле үлкен потенциал бар екенлиги көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен жергиликли капитал базарға кеминде 1 миллиард доллар инвестиция тартыўға қаратылған илажлар додаланды.

Соның ишинде, жергиликли ҳәм сырт ел фонд биржаларында халықаралық стандартлар тийкарында баҳалы қағазларды жайластырыў – “дуал листинг” әмелиятына руқсат бериў, сондай-ақ, валюта облигациялары, глобаллық депозитар тилхатлар, сырт ел баҳалы қағазлары ҳәм биржа инвестиция фондлары сыяқлы жаңа финанслық инструментлерди енгизиў режелестирилген.

Презентацияда “тәртипке салыў қумтүбеги” ҳуқықый режимин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Бул механизм шеңберинде қумтүбек шәртлерин тек ғана резидент болмағанлар емес, ал резидентлер ушын да енгизиў, сырт ел инвесторлары ушын мүддетсиз әмел етиўин белгилеў, сондай-ақ, сырт ел компанияларының акциялары, облигациялары ҳәм басқа да баҳалы қағазлары менен саўда ислеўге руқсат бериў усыныс етилди. Бул сырт ел баҳалы қағазларының рәсмий емес саўдасын қысқартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Жергиликли инвесторларды капитал базарына жедел тартыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Онда жергиликли компания ҳәм банклерге Ташкент фонд биржасында сырт ел валютасында облигациялар шығарыўға руқсат бериў арқалы сыртқы базарға шықпастан валюта қаржыларын тартыў имканиятлары жаратылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, эмитентлерге өз капиталының көлеминен артық, тәмийнатсиз облигациялар шығарыў имканиятын жаратыў арқалы облигациялар базарын кеңейтиў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Капитал базарында қадағалаў ҳәм тәртипке салыў системасын жетилистириў мәселелери де көрип шығылды.

Миллий нызамшылықты Баҳалы қағазлар комиссиялары халықаралық шөлкеминиң талапларына бейимлестириў, регулятор ўәкилликлерин күшейтиў, сондай-ақ, профессионал қатнасыўшылардың устав капиталына қойылатуғын талапларды басқышпа-басқыш арттырыў режелери таныстырылды.

Банк тараўындағы реформалар шеңберинде кейинги жети жылда коммерциялық банклердиң активлери 5,3 есеге өсип, 877 триллион сумнан артқаны, банклердиң саны 35 ке жетип, 2017-жылдан берли 3 сырт ел банки Өзбекстанда жумысын жолға қойғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз биринши мәрте Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банкиниң Финанслық секторды баҳалаў бағдарламасында қатнасты, онда банк қадағалаўы, рисклерди басқарыў, төлем системалары, макропруденциал сиясат ҳәм кризислерди басқарыў сыяқлы бағдарлар баҳаланды.

Баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, келеси жылы Өзбекстан финанс секторын Базель комитетиниң Нәтийжели банк қадағалаўы бойынша 29 тийкарғы принципине толық бейимлестириў белгиленген. Усы мақсетте барлық коммерциялық банклерде финанслық есабатларды толық халықаралық стандартлар тийкарында жүргизиў, Базель III стандартларын енгизиў, Ҳүкимет ҳәм Орайлық банктиң қатнасыўында Финанслық турақлылық кеңесин шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы капитал базары ҳәм банк тараўындағы реформалар экономиканы турақлы қаржыландырыў, жеке меншик сектордың үлесин арттырыў ҳәм халықаралық инвестицияларды жедел тартыўда шешиўши әҳмийетке ийе екенин атап өтип, белгиленген ўазыйпалар бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

ӨзА