Жәмийетшиликтиң дыққат орайында болып турған “Электрон рецепт” системасын енгизиў мәселелери додаланды

17

Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе-сынақ аймағында басқышпа-басқыш енгизилип атырған “Электрон рецепт” системасы жәмийетшилик ҳәм тараў қәнигелериниң дыққат орайында болып тур.

Келип түсип атырған мүрәжат ҳәм усынысларды инабатқа алған ҳалда, пайда болып атырған сораўларға анықлық киргизиў ҳәм жаңа системаға турақлы өтиўди тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қосымша шөлкемлестириў ҳәм түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Министрликте мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина шөлкемлериниң жетекши шыпакерлери, тийисли уйымлардың ўәкиллери ҳәм тараў экспертлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Конструктивлик сөйлесиў даўамында “Электрон рецепт” системасын енгизиўге байланыслы мәселелер, сондай-ақ, бул бағдарда медицина хызметкерлериниң тәжирийбесин ҳәм наўқаслардың талапларын есапқа алған ҳалда айырым тәртип-қағыйдаларды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар додаланды.

Система қәнигелери арасында турақлы қарым-қатнасты тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Экспертлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Ҳәр ҳәптениң жума күни медицина ҳәм фармацевтика тараўы ўәкиллери ҳәм басқа да тийисли қәнигелердиң қатнасыўында усы Кеңестиң ашық мәжилислери өткериледи.

Ушырасыў шеңберинде “Электрон рецепт” системасының әмелдеги ислеў механизмлери бойынша да түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, жеке меншик медицина шөлкемлери ҳәм шыпакерлердиң “Электрон рецепт” модулине жалғаныўы бийпул болып, оның ушын +998 (71) 202-50-00 номерине мүрәжат етиў керек.

Сондай-ақ, сөйлесиўде рецепт (соның ишинде, электрон рецепт) ти жазыў тек ғана шыпакер ўәкиллигине киретуғыны айрықша атап өтилди.

Наўқасларды емлеўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, белгили бир медицина мәкемесинде зәрүр дәри-дәрмақ болмаған жағдайларда, шыпакер рецепт жазып береди. Тийисли мағлыўматларды рәсмийлестириў ҳәм электрон системаға киргизиў болса дәрихана мәкемесиниң фармацевти тәрепинен әмелге асырылады.

Атап өтилгениндей, пуқара дәриханаға мүрәжат еткенде, дәри қуралы фармацевт тәрепинен электрон рецепт, QR-кодлы ҳүжжет ямаса ЖШШИР тийкарында бериледи.

Сырт ел пуқаралары болса электрон рецепт алыў ушын улыўма шәртлерде мәмлекетлик медицина мәкемелеринде дизимнен өтиў ҳуқықына ийе.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде күни-түни ислейтуғын 1003 қысқа санлы “Сall-орай” жумыс алып бармақта. Пуқаралар ол арқалы “Электрон рецепт” системасына байланыслы барлық мәселелер бойынша мәсләҳәт ҳәм түсиниклер алыў имканиятына ийе.

Жатақ режиминдеги наўқаслар, сондай-ақ, созылмалы кеселликлерге шатылған шахслар мәсләҳәт ҳәм электрон рецепт алыў ушын өз шаңарақлық шыпакерине телефон арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Егер наўқас шаңарақлық шыпакериниң телефон номерин билмесе, оған 1003 қысқа санлы “Сall-орай” арқалы зәрүр жәрдем көрсетиледи.

Медицина қәнигелери ҳәм экспертлердиң қатнасыўындағы додалаўлар жуўмағында билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда, әмелге асырылып атырған механизмлерди беккемлеў ҳәм анықластырыў, “Электрон рецепт” системасын енгизиўдиң кейинги басқышпа-басқыш тәртибин белгилеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министриниң тийисли буйрығы қабыл етилди.

Оған бола:

1) Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе-сынақ районлары (қалалары) аймағында “Электрон рецепт” системасы басқышпа-басқыш енгизилип, шыпакер тәрепинен дәри қуралларының халықаралық патентленбеген атамасы бойынша электрон рецептлер рәсмийлестириледи ҳәм электрон системаға киргизиледи;

2) зәрүр техникалық имканиятлар болғанда, медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлери DMED мәлимлеме системасына бийпул жалғанады және олардың мәлимлеме системалары Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң санлы платформасына интеграцияланады;

3) “Электрон рецепт” системасы тийкарында берилетуғын дәри қуралларының дизими басқышпа-басқыш қәлиплестирилип, онда айрықша дизимлер социаллық қәўип-қәтер ҳәм тараўда жүзеге келетуғын талаплардан келип шыққан ҳалда ҳәр бир басқышта Экспертлер кеңеси тәрепинен таярланады ҳәм тастыйықланады;

4) системалы тәсир ететуғын антибиотиклер, синтетикалық антибактериал препаратлар ҳәм гормонал дәри қураллары ушын электрон рецепт мәжбүрий болыўын нәзерде тутатуғын биринши басқыш белгиленеди;

5) шыпакердиң электрон рецептлерди жазыў бойынша ўәкилликлери, соның ишинде, белгили бир медицина шөлкеминде жоқ болған дәри қуралларын тайынлаў ҳәм кейин ала дәриханалардың фармацевтлери тәрепинен бул мағлыўматты системаға киргизиўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленеди;

6) дәриханаларда рецептли дәри қуралларын электрон рецепт тийкарында бериў (соның ишинде, наўқастың ЖШШИР арқалы) тәртиби белгиленеди, қалаберди, система толық енгизилгенге шекем ҳәм айрықша жағдайларда бурынғысынан басқаша тәризде қағаз көринисиндеги рецептлерди рәсмийлестириў имканияты сақлап қалынады;

7) наўқас ямаса оның ўәкилинде электрон рецепт болмаған жағдайда, дәрихана фармацевтикасына шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында (қағаз ямаса электрон формада) ЖШШИРди киргизип, система арқалы электрон рецепт пенен танысыў ҳәм рецепт бойынша дәри қуралын бериў ҳуқықын бериўши механизм белгиленеди;

8) елимиз ҳәм сырт ел пуқараларының медициналық жәрдем ҳәм дәри қуралларын алыў (соның ишинде, қыстаўлы жағдайларда) ҳуқықлары тәмийинленеди, сондай-ақ, системаны енгизиў басқышлары ҳәм дәри қуралларының дизимлери ҳаққында халық рәсмий дереклер арқалы хабардар етип барылады;

9) турақлы түсиник жумыслары ҳәм қайта байланыс системасы, соның ишинде, күни-түни ислейтуғын 1003 “Сall -орайы”ның жумысы жолға қойылып, ол арқалы:

– жатақ режиминдеги ҳәм созылмалы кеселликлерге шатылған наўқаслардың өз шаңарақлық шыпакерине мүрәжат етиўи;

– шаңарақлық шыпакерге (тийисли жағдайда тараў қәнигелерине) аралықтан турып мүрәжат еткен ҳалда электрон рецепт алыўы;

– көрсетпелер болғанда, патронаж хызметиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм зәрүр медициналық хызметлер үйде көрсетилиўи тәмийинленеди;

10) емлеўши шипакердиң қарарына муўапық, созылмалы кеселликлерге шатылған наўқасларға:

– 60 күнге шекем емлениў дәўиринде – Халықаралық кеселликлер классификациясына муўапық кодланатуғын, созылмалы кеселликлерди емлеўде тайынланатуғын, сондай-ақ, анаболик активлиги менен ажыралып туратуғын дәри қураллары ушын;

– 90 күнге шекем емлениў дәўиринде – басқа таяр дәри қураллары ушын (реимбурсация шеңберинде – 30 күнге шекем) рецептлер жазыўдың айрықша тәртиби белгиленеди.

Бул жағдайларда электрон рецепт ҳәм тийисли QR-кодтың әмел етиў мүддети белгиленген емлеў курсы дәўирине муўапық создырылады.

“Электрон рецепт” системасы, бәринен бурын, емлеў қәўипсизлигин арттырыў, дәри-дәрмақларды тайынлаўда жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм олардың айланысын тәртипке салыўға қаратылған. Бул система турақлы мониторинг тийкарында пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлериниң пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш енгизилмекте.

ӨзА