Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сегизинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 12-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, депутатлар, министрликлер ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Ресубликаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен ҳәм Президент Админстрациясының баслығы Саида Мирзиёеваның әмелий ҳәрекетлери нәтийжесинде миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген «Қобыз соғыў ҳәм Жыраўшылық өнери» ҳәм миллий мийрасларымыздың сайланды үлгиси болған «Қараүй» ЮНEСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилгенин пүткил халқымыз үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен күтип алғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Сондай-ақ, усы қуўанышлы ўақыя мүнәсибети менен пүткил халқымызды және бир мәрте қутлықлады.
Буннан соң, сессияныӊ күн тәртибиндеги мәселелер қарап шығылды.
Дәслепки мәселе «Реклама ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады. Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Аўыл хожалығы кооперативи ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы А.Жуманазаров баянат жасады. Бул мәселе де толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
.jpg)
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе қалалық жолаўшылар транспорты ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы ҳәм тийисли Ҳүкиметлик қарары талапларының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы И.Сдиков баянат жасады. Бул мәселе депутатлар тәрепинен қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.
.jpg)
Буннан соң, Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жер участкаларынан нызамсыз түрде пайдаланыў ҳәм хызметкерлердиң арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы А.Атажанов баянат жасады.
.jpg)
Бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги мәселелер қатарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады ҳәм бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Гезектеги мәселе бойынша сессияда 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теӊликке ерисиў стратегиясын 2025-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова баянат жасады ҳәм бул мәселе де депутатлар тәрепинен қарап шығылып, қарар қабыл етилди.

Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-августтағы Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққындағы 937-санлы Нызамның Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы ҳаққында Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуовтың есабаты тыңланды. Бул мәселе бойынша да қарар қабыл етилди.
.jpg)
Сессияда өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылды. Өзбекстан Республикасының арнаўлы нызамын басшылыққа алып, ўәкилликли уйымлар тәрепинен усынылған ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар бойынша, сондай-ақ, Әдиллик министрлигиниң ҳуқықларды тән алыў тийкарлылығы ҳаққындағы жуўмақлары инабатқа алынып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 1172 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Сессияның күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе де көрип шығылып, Махмуд Эшимбетов Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына сайланды.
.jpg)
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги