Парагвай Президенти Ислам цивилизациясы орайына барды

8

Рәсмий сапар менен Өзбекстанда болып турған Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына барды.

Жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов басқарып барды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған бул орай ислам цивилизациясының бийбаҳа илимий-руўхый мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериўди мақсет еткен тарийхый-ағартыўшылық комплекс болып есапланады.

Дәргай миллий архитектуралық усыл менен заманагөй имаратлар технологиясын үйлестирген ҳалда қурылған. Имараттың төрт тәрепинде 34 метрлик есиклер, орайлық бөлиминде болса 65 метр бийикликтеги миллий усылдағы гүмбез бой тиклеген.

Сантьяго Пенья орайдағы Қураны кәрим залында да болып, мусылман дүньясында жоқары әҳмийетке ийе болған Усман Мушафи – Қуранның ең әййемги қолжазбаларынан бири менен танысты. Бул бийбаҳа қолжазбаның Ислам дини ҳәм жәҳән мәдениятының раўажланыўындағы орны айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, Парагвай делегациясы “Исламға шекемги цивилизациялар”, “Биринши Ренессанс”, “Екинши Ренессанс” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” экспозициялары менен де танысты. Оларда Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Матуридий, Баҳауддин Нақшбанд сыяқлы уллы ойшылларымыздың мийрасы, сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар ҳәм темурийлер дәўирлерине байланыслы бийбаҳа қолжазбалар да көрсетилген.

Президент Сантьяго Пенья бул комплекс халықаралық илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм мәдений бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар жарататуғынын атап өтти.

Мәдений қарым-қатнас ҳәм руўхый жақынлықты беккемлеў бүгинги глобаллық шараятта ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени айрықша атап өтилди. Бул мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтиўде әҳмийетли фактор екени айтылды.

Өзбекстанда тарийхый мийрасты сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға жоқары баҳа берилди.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет),

ӨзАның хабаршылары