Энергетика тараўында жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыўшы “Stage-Gate” модели енгизиледи

5

Энергетика тараўында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарларды нәтийжели басқарыў, қәрежетлер үстинен қатаң қадағалаў орнатыў ҳәм барлық процесслерди ашық-айдын тәризде шөлкемлестириў бүгинги күнниң әҳмийетли талапларынан бири болып есапланады.

Халықаралық стандартларға сәйкес механизмлерди енгизиў болса жойбарларда қәўип-қәтерлерди азайтыў, анық режелестириў ҳәм нәтийжелиликке ерисиўде айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мақсетте “Өзбекнефтьгаз” АЖ инвестициялық жумысты заманагөй көзқараслар тийкарында жолға қойыў ушын “SASOL” компаниясының тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған “Stage-Gate” моделин әмелиятқа енгизбекте.

Ҳәзирги ўақытта “UzAssets” АЖ тәрепинен тастыйықланған трансформацияның “Жол картасы” шеңберинде “Өзбекнефтьгаз” АЖда жойбар басқарыўын реформалаў ҳәм буннан былай да жетилистириў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул процессте “Stage-Gate” методологиясы жойбардың ҳәр бир басқышын анық өлшемлер тийкарында баҳалаў, қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм қәрежетлерди оптимал басқарыў имканиятын беретуғын механизм сыпатында таңлап алынған.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң басшысы Мўмин Ибодовтың мәлим етиўинше, усы жылдың 24-сентябрь күни “Өзбекнефтьгаз” АЖ басшылығы ҳәм халықаралық абырайға ийе “SASOL” компаниясы делегациясы арасында өткерилген ушырасыўда усы методологияны енгизиў бойынша әмелий бирге ислесиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланған.

– Бул ушырасыўда “SASOL” компаниясы өзиниң көп жыллық әмелиятта сынақтан өткен жойбар басқарыўына байланыслы тәжирийбелерин Өзбекстан тәрепи менен бөлисиўге таяр екенин билдирди. Соның менен бирге, “Өзбекнефтьгаз” АЖ тәрепинен усы модель тийкарында инвестициялық жойбарларды басқарыў тәртибин белгилейтуғын жаңа реже жойбары ислеп шығылды. Кеше “SASOL” қәнигелериниң қатнасыўында “Stage-Gate” моделин әмелий үйрениўге бағышланған арнаўлы workshop шөлкемлестирилди. Илажда енергетика тараўындағы жетекши компаниялардың әмелияты, заманагөй басқарыў көзқараслары ҳәм модельдиң нәтийжелиликке тәсири ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, моделди “Өзбекнефтьгаз” АЖ жумысына басқышпа-басқыш енгизиў имканиятлары да талланды. Келешекте халықаралық тәжирийбелер ҳәм “SASOL” усынысларын есапқа алған ҳалда моделди толық енгизиў бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етилиўи режелестирилген, – деди ол.

Заманагөй басқарыў моделиниң енгизилиўи “Өзбекнефтьгаз” АЖның инвестициялық жумысын халықаралық стандартларға жақынластырып, қәрежетлердиң нәтийжелилигин арттырыўға, қәўип-қәтерлерди минималластырыўға ҳәм жойбарлардың нәтийжелилигин жоқары басқышқа көтериўге хызмет ететуғынын атап өтиў керек. Бул тек ғана компанияның потенциалын беккемлеп қоймастан, ал энергетика тараўындағы реформаларды әмелий мазмун менен байытады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА