Сырдәрья санаат, сервис ҳәм туризм орайына айланбақта

5

Президент Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белсендилердиң қатнасыўында белгилеп алыў ушын 4-декабрь күни Сырдәрья ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының биринши мәнзили Сырдәрья районындағы “River Med Pharm” кәрханасы болды.

Бул кәрхана мәмлекетимизде инфузион дәри қуралларын ислеп шығарыў бойынша жетекшилерден бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған инфузион еритпелердиң 20 проценти мине усы кәрханаға туўра келеди.

Бундай дәри қураллары наўқастың өмири ушын ең әҳмийетли медициналық өнимлердиң бири болып есапланады. Оларды таярлаў әпиўайы таблеткалар ислеп шығарыўдан әдеўир қурамалы. Себеби бул түрдеги еритпелер тиккелей қан тамырларына жибериледи. Демек, олар пүткиллей стерил шараятта, жоқары анықлық ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын ҳалда ислеп шығарылыўы шәрт.

Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллион доллардан аслам болып, ҳәзирги күнде кәрханада 750 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Кәрхана жылына 135 миллиард сумлық 70 түрдеги, улыўма есапта 114 миллион дана дәри қуралларын ислеп шығармақта. Өнимлердиң 20 проценти экспорт етилип атырғаны кәрхананың халықаралық бәсекиге шыдамлылығын көрсетеди.

Ноябрь айында жойбардың екинши басқышы иске қосылып, өндирислик қуўатлықлар және де кеңейтилди. Кәрхана 30 миллион дана инфузион еритпелер, 70 миллион данадан аслам қурғақ антибиотиклер ҳәм дерлик 20 миллион дана көз-мурын тамшыларын ислеп шығарады.

Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың өнимлери ҳәм гезектеги режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Келешекте кәрханада ислеп шығарылатуғын өним түрлери 200 ге жеткериледи. Бул басқышта шийше ҳәм пластик ыдыслардағы инъекция ушын еритпелер, сондай-ақ, таблетка ҳәм капсулалар ислеп шығарыў жолға қойылады. Жумыс орынларының саны мыңға шекем арттырылады.

Президентимиз бул жерде ўәлаяттың белсендилери ҳәм нураныйлар менен сөйлести.

Экономика, санаат, аўыл хожалығы, жаслар тәрбиясы ҳәм аймақтың келешегине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша ашық сәўбет болды. Мәмлекетимиз басшысы адамлардағы интакерлик реформалардың нәтийжесин арттырыўда шешиўши фактор екенин атап өтти.

– Өзгерислер, бәринен бурын, мәҳәллелерде сезилиўи керек. Сизлер адамлар менен турақлы байланыста болып, жасларға дурыс жол көрсетиўиңиз зәрүр. Ҳәммемиз ояў ҳәм белсенди болсақ, ҳәрекетлеримиз, алып барып атырған реформаларымыз әлбетте нәтийже береди. Сырдәрьяға үлкен режелер менен келгенбиз. Сизлерди тыңлап, мәсләҳәтлесип бул режелерди әмелге асырамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Шавкат Мирзиёев “Сырдәрья” еркин экономикалық зонасында жумыс алып барып атырған “Invest Asia” кәрханасында болды.

Кәрхана қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азияда жетекшилерден бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта ишки базардағы полипропилен қалта ҳәм жумсақ контейнерлердиң 60 проценти, стретч плёнкалардың 40 проценти усы кәрхананың үлесине туўра келмекте.

Комплекс 60 гектар майданда қурылған болып, ҳәзирги ўақытта 2,5 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған.

Қадақлаў өнимлери азық-аўқаттан баслап, фармацевтика, санаат, қурылыс ҳәм турмыслық химияға шекемги көплеген тараўлар ушын зәрүр. Олардың сапасы өнимниң қәўипсиз сақланыўы, транспортировка етилиўи ҳәм базарға өз ўақтында жеткерилиўине тиккелей тәсир етеди. Соның ушын да бундай өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў импорт қәрежетлерин азайтады, ишки базар турақлылығын тәмийинлейди ҳәм ислеп шығарыўшылар ушын қәрежетлерди сезилерли қысқартады.

“Invest Asia” кәрханасының және бир әҳмийетли тәрепи оның мәмлекетте биоаксал бағдарланған полипропилен плёнка ислеп шығаратуғын бирден-бир кәрхана екени болып есапланады. Бул плёнка түри ең ғалабалық қадақлаў материалларынан бири болып, қаттылығы ҳәм жеңиллиги менен ажыралып турады.

Усы жылдың он айында кәрханада 1,9 триллион сумлық өним таярланған, 23 миллион долларлық экспорт әмелге асырылған. Австрия, Германия, Италия, Қытай ҳәм АҚШ сыяқлы мәмлекетлерде ислеп шығарылған жоқары технологиялы үскенелерден пайдаланылмақта.

Президентимиз кәрханада әмелге асырылып атырған технологиялық процесслерди көзден өткерди, жумысшылар менен сөйлести. Келешектеги режелер менен танысты.

Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем бул жерде Орайлық Азиядағы ең ири спанбонд ҳәм мельтблаун – тоқыма емес гезлеме ислеп шығарыў қуўатлықларының иске қосылыўы күтилмекте. Бундай гезлемелер медицина, қурылыс, турмыслық химия ҳәм аўыл хожалығында кеңнен қолланылады.

Барлық жойбарлар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, жумыс орынларының саны 10 мыңға жетиўи, полимерди қайта ислеў қуўатлылығы 280 мың тоннаға шекем артыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ўәлаятта ири жойбарларды әмелге асырып атырған ҳәм жаңа басламалар менен шығып атырған сырт елли инвесторлар менен де сөйлесиў өткерди. Аймақтың экономикасы, халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет ететуғын ҳәр бир жойбар мәмлекет тәрепинен, әлбетте, қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.

Инвесторлар мәмлекетимиздеги исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жоқары баҳалап, бизнес ушын жаратылған кең имканиятлар ҳәм әмелий жәрдем ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья ўәлаятына сапары даўамында Гүлистан қаласы Бостан мәҳәллесинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумысларын барып көрди.

Бостан мәҳәллеси усы жылы абат мәҳәллеге айланды. Аймақтағы барлық көп қабатлы турақ жайлар оңланды, аймақ абаданластырылды. Мәҳәлле орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Президент дәслеп усы жерде мәҳәлле белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын пикирлести. Ушырасыўда мәмлекеттиң барлық аймақларында төменги буўындағы машқалаларды шешиў, мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған реформалардың нәтийжеси Сырдәрьяда да өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.

– Мәҳәлле – жәмийеттиң жүзи. Мәмлекеттеги барлық өзгерислер, бәринен бурын, усы жерде өз көринисин табады. Биз сондай система жараттық, бурын әҳмийетли деп есаплаған көплеген мәселелеримизге шешимди мәҳәллениң өзинде таўып атырмыз. Бул институтқа итибарды және де күшейтиўди даўам еттиремиз, – деди Президентимиз.

Аймақтағы 48 көп қабатлы жай ағымдағы оңланды, сыртқы тәрепи базальт пенен қапланды. Ыссылық тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 18 миллиард сум есабынан заманагөй қазанхана ҳәм 3,3 километр ыссылық тармақлары қурылды.

Көп қабатлы турақ жайларда 23 жеке ыссылық пунктлери орнатылып, “жабық” система шөлкемлестирилди. Жергиликли бюджет қаржылары есабынан аймақтағы 800 квартиралы 20 көп қабатлы жайдың ишки ыссылық системалары қайта тикленди. 1 бақша орайласқан ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суў менен тәмийинленди.

Жаңа қазанхананың қурылысы нәтийжесинде 144 мың киловатт-саат электр ҳәм 627 мың куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Президентимиз көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын халық ушын қолайлы шараят жаратыўға қаратылған бул жумысларды даўам еттириў, қазанханаларды қурыў ҳәм олардан пайдаланыўда заманагөй технологияларды қолланыў, маман қәнигелерди тартыў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

Усы жердиң өзинде “жетилик” ўәкиллери ҳәм нураныйлар менен мәҳәлле ҳәм ўәлаят турмысында болып атырған өзгерислер ҳаққында сәўбет болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Сырдәрья ўәлаятында инфраструктураны раўажландырыўға байланыслы қарары тийкарында аймақта 215 көп қабатлы жайды қамтып алған арнаўлы мәнзилли дизим қәлиплестирилген. Бул ҳүжжет шеңберинде турақ жайлардың төбе ҳәм фасад бөлимлерин оңлаў, ыссылық тәмийнатын, инженерлик коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм қоршаған орталықты абаданластырыў жумыслары режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Сырдәрья ўәлаятлық филиалына барды.

Бул жерде еки күн алдын Гүлистан қаласындағы улыўма аўқатланыў шақапшаларынан биринде газ баллонының жарылыўы ақыбетинде жарақат алғанлар емленбекте.

Орайдың басшылары ҳәм шыпакерлер Президентимизге наўқаслардың жағдайы ҳәм емлеў процесслериниң барысы ҳаққында мәлимлеме берди. Мәмлекетимиз басшысы бахытсыз ҳәдийсе ўақтында түрли дәрежеде дене жарақатын алған пуқаралар емленип атырған палаталарға кирип, олардан хабар алды, шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести.

Президентимиз жуўапкерлерге жәбирленгенлерге зәрүр барлық медициналық жәрдем көрсетилиўин қатаң қадағалаўға алыў бойынша тапсырма берди. Бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына кеўил айтып, оларға материаллық жәрдем көрсетиў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге жүз берген ўақыяның себеплерин пуқта үйрениў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, келешекте бундай жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлиги үстинен қадағалаў жумысларын күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы Гулистан қаласының жәмийетлик транспорт инфраструктурасын жетилистириў мақсетинде алып келинген заманагөй автобуслардың презентациясы менен де танысты.

Гүлистан қаласындағы ишки жоллар бойлап қатнаўларды әмелге асырыў мақсетинде 52 автобус алып келинди. Олар “Евро-5” стандартының талапларына толық жуўап береди ҳәм тәбийғый қысылған газде ҳәрекетленеди.

Ҳәр бири 65 жолаўшыны қолайлы шараятларда мәнзилине жеткериўге мөлшерленген бул автобуслар төмен поллы болып, майыплығы болған шахслардың ҳәрекетлениўи ушын арнаўлы пандус үскенелери ҳәм өз алдына орынлықлар менен үскенеленген. Жол ҳақы төлемлерин электрон тәризде де әмелге асырыў ушын “АТТО” системасы орнатылған.

Халықтың жәмийетлик транспортқа болған талабын есапқа алып, автобуслардың ҳәрекети Гүлистан қаласының 23 мәҳәллесин толық қамтып алыўшы жәми 7 қала ишки жөнелисинде брутто-шәртнама тийкарында ҳәрекетленеди.

Нәтийжеде автобуслардың ҳәрекет интервалы алдынғыға салыстырғанда 2 есеге қысқарып, күнине 29 мың халыққа қолайлы, қәўипсиз ҳәм арзан транспорт хызметлери көрсетилиўи тәмийинленеди.

Және бир тәрепи: бул қатнаўлар арқалы жылына 38 миллиард сумнан аслам транспорт хызметлери көрсетиледи, 120 жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге елимиз қалаларының жәмийетлик транспорт парклерин усындай заманагөй автобуслар менен толықтырыў жумысларын избе-из даўам еттириў, пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў бойынша көрсетпелер берди.

Бул жерде келешекте 11 метрли, узақ аралыққа мөлшерленген және 30 автобусты алып келиў режеси ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жойбар әмелге асырылса, қосымша және 150 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Буннан соң, халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәжилис алдынан мәмлекетимиз басшысы “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли принцип тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси сыпатында Сырдәрья ўәлаятындағы үлкен өзгерислерди айрықша атап өтти.

– Бурын тийкарынан аўыл хожалығына байланыслы болып қалған бул жерде соңғы жыллары санаат, сервис, туризм жоқтан бар болды. Бизнес орталығы пүткиллей өзгерди, алдынғы исбилерменлер қатламы қәлиплести, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Сегиз жылда Сырдәрья ўәлаятына 4 миллиард доллар инвестиция киргизилди. Усы дәўир ишинде 187 ири қуўатлық иске қосылып, 120 мың жумыс орны жаратылды. 50 ге шамалас жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылды. Нәтийжеде санаат көлеми 4 триллион сумнан 25 триллион сумға жетти.

Бурын дотация алған Гүлистан, Янгиер қалалары, Боёвут, Мырзабад, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Ховос районлары бүгин өз қәрежетин өзи қаплаў дәрежесине жеткени атап өтилди.

Сырдәрья районында келеси жылы қытайлы шериклер менен 122 миллион долларлық автомобиль қурылысы жойбары иске қосылады. Жақында Қазақстан менен биргеликте Сырдәрья районында Орайлық Азия халықаралық санаат кооперациясы орайына старт берилди. Бул орай аймағында баҳасы 300 миллион долларлық 14 санаат кәрханасы келеси жылдың биринши шерегиниң ақырына шекем жумыс баслаўы, 2026-жылы және 720 миллион долларлық 40 жаңа жойбар жайластырылыўы белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрьяда бақша, мектеп, емлеўхана орынларын көбейтиў, электр, суў, канализация ҳәм жолларды жақсылаў бағдарында әмелге асырылған жумысларға да тоқтап өтти. Тек ғана усы жылдың өзинде халықтың турмыс шараятын жақсылаў ушын 100 миллион доллар ресурс қаратылды. Нәтийжеде 47 мектеп, 45 балалар бақшасы, 31 медицина мәкемеси, 5 спорт ҳәм мәденият орайы түп-тийкарынан оңланып, заманагөй инвентарлар менен тәмийинленди. Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, келеси жылы және 100 миллион доллар ажыратылатуғыны жәрияланды.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси де көрилди. Президентимиз ҳәким ўазыйпасын атқарып атырған Эркин Турдимовтың кандидатурасын Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими лаўазымына алға қойды.

Ўәлаят белсендилериниң пикир-усыныслары тыңланып, талабан даўысқа қойылды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Еркин Турдимов Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа ҳәким алдына Сырдәрьяны раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар қойды. Соның ишинде, келеси жыллар даўамында ўәлаятқа жәми 3 миллиард доллар инвестиция киргизиў, экспорт көлемин 500 миллион долларға жеткериў, 185 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тынымсыз ислеў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаятта санаат, сервис, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жыллары қытайлы инвесторлар менен биргеликте улыўма баҳасы 500 миллион доллар болған 31 кәрхана иске қосылып, 5 мың пуқара жоқары дәраматлы жумыс орынлары менен тәмийинленди. Қытайлы шериклер менен және 700 миллион долларлық 40 жойбар бойынша жумыслар жедел даўам етпекте.

Янгиер, Гүлистан ҳәм Ширин қалалары, Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын, Ховос районлары есабынан “Сырдәрья” еркин экономикалық зонасының аймағы 1080 гектарға шекем кеңейтилди. Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине санаат зонасына қосып берилген майданларда кеминде 4 миллиард долларлық жойбарларды баслаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Оның ушын жойбарлардың нәтийжелилигин пуқта есаплап, инвесторларға таныстырыў мақсетинде Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын, Ховос районлары, сондай-ақ, Янгиер, Гүлистан ҳәм Ширин қалаларының ҳәкимлеринен ибарат делегацияны Қытайға жибериў тапсырылды.

Қурылыс материаллары бойынша Цзянсу, Шаньдун ҳәм Гуандун, химия санааты бойынша Тяньцзинь, электротехника бойынша Фуцзянь ҳәм Гонконг, жеңил санаатта Шаньдун ҳәм Синьцзян, фармацевтика тараўында Шанхай ҳәм Цзянси аймақлары менен тиккелей бирге ислесиўди орнатыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, Гүлистан қаласында кеминде 5 мың жумыс орнына ийе “Өзбекстан – Шанхай бирге ислесиў шөлкеми” саўда ҳәм санаат зонасының шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Бул жердеги объектлер таяр жойбар сыпатында исбилерменлерге санаат ипотекасы ямаса лизинг тийкарында усыныс етиледи.

Ташкент қаласындағы санаат кәрханаларын басқышпа-басқыш пайтахттан сыртқа көшириў процесинде “Сырдәрья” еркин экономикалық зонасындағы бос жерлер бар қуўатлықларды жайластырыў ушын үлкен имканият екени атап өтилди.

Сонлықтан, пайтахттан өз кәрханасын Сырдәрьяға көшириў тилегинде болған исбилерменлерге санаат зонасындағы жерлер әпиўайыластырылған тәртипте, шегирме менен бериледи, оларға 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады, шийки затты темир жол арқалы тасыўда арзанластырылған тарифлер қолланылады.

Мәжилисте исбилерменлик ҳәм сервис инфраструктурасын раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.

2026-жылы ўәлаяттың инфраструктурасын жақсылаўға 1,5 триллион сум, исбилерменлик жойбарлары ушын 10 триллион сум ресурс ажыратыў режелестирилген. Соның 753 миллиард сумы биринши мәрте Сырдәрья ўәлаяты ҳәм район бюджетлерине мәҳәллелердиң шараятын жақсылаўға қаратылады.

Президентимиз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңаша қатнаслар, нәтийжели шешимлерди енгизиў ушын бәрқулла излениў, үйрениў ҳәм тәжирийбе арттырыў оғада әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы мақсетте 11 район ҳәкиминиң биринши орынбасарын Пекиндеги Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша халықаралық орайда әмелият өтеўин шөлкемлестириў, сырдәрьялы 50 жасты Пекин қаласында автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў бойынша курсларда оқытыў тапсырылды.

Сондай-ақ, Гүлистан университети жанында Қытайдың “Лу Бан устаханасы” бағдарламасы шеңберинде кәсип-өнерге оқытыў орайын, Сырдәрья районындағы медицина техникумы негизинде болса Қытай менен биргеликте фармацевтика технологиялары бағдарында жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Аўыл хожалығын раўажландырыў мәселелери де ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Егислик жерлерде суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде келеси жылы Боёвут районында сыйымлылығы 100 миллион куб метр болған “Султонҳовуз” суў сақлағышының қурылысы басланады. Бул арқалы Боёвут, Гүлистан, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Мырзаабад районларындағы 110 мың гектарда жылына еки мәрте өним алыў имканияты жаратылады.

Мәжилисте халық ҳәм исбилерменлердиң турмысын жеңиллестириўге қаратылған басламаларға да айрықша тоқтап өтилди.

А-373 жолының Сайхунабад ҳәм Гүлистан районларынан өтетуғын 37 километр бөлегин алты полосалы етип реконструкциялаў жумысларын баслаў тапсырылды. Боёвут, Гүлистан, Ховос, Мырзабад, Сырдәрья ҳәм Сайхунабадтың 18 мәҳәллесиндеги 67 километр жолды цемент-бетон қапламаға өткериў режелестирилген.

Еки күн алдын Гүлистан қаласы Тараққиёт мәҳәллесиндеги буйым базары аймағында жайласқан улыўма аўқатланыў шақапшаларынан биринде газ баллоны жарылыўы нәтийжесинде 29 пуқара жарақатланды.

Тилекке қарсы, бул бахытсыз ҳәдийседе қурбанлар да бар. Президентимиз қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди. Үш күн мүддетте қурбанлардың шаңарағына 100 миллион сумнан материаллық жәрдем ажыратыў тапсырылды.

– Бүгин сизлер менен ўәлаятты буннан былай да раўажландырыў, халық ҳәм исбилерменлердиң аўырын жеңил, узағын жақын етиў бойынша үлкен-үлкен реже ҳәм мақсетлерди белгилеп алдық. Сырдәрьялылардың дөретиўшилик, интакерлик ҳәм пидайылық пазыйлетлерине сүйенип, бул шеклерге, әлбетте, ерисемиз, – деди Президентимиз мәжилис жуўмағында.

Сессия даўамында жуўапкерлердиң есабатлары, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

ӨзА