Санаат зонасының ҳәр бир қарыс жеринде тек ғана жоқары қосымша қун беретуғын жойбарлар жайласыўы шәрт екенлиги айтылды

30

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.  

Мәжилисте Сырдәрьяда санаат, сервис, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў мәселелери додаланды.

Аймақ экономикасына инновация ҳәм заманагөй технологиялар алып кириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Кейинги жыллары ўәлаятта қытайлы инвесторлар менен биргеликте иске қосылған 500 миллион долларлық 31 кәрханада 5 мың халық жоқары дәраматлы жумысларда мийнет етпекте.

Қытайлы шериклер менен және 700 миллион долларлық 40 жойбар бойынша жумыслар жедел алып барылмақта.

Янгиер, Гүлистан ҳәм Ширин қалалары, Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын, Ховос есабынан Сырдәрья еркин санаат зонасының аймағы 1 мың 80 гектарға кеңейтилди.

Енди санаат зонасының ҳәр бир қарыс жеринде тек ғана жоқары қосымша қун беретуғын жойбарлардың жайласыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА