Халықтың басламаларын алға қойыў ушын арнаўлы форум өткериледи

60

Мәмлекетти билимли, пидайы ҳәм күш-ғайратлы инсанлар раўажландырады. Өзбекстанда барлық реформалар ҳәм режелер халқымыздың талап ҳәм усынысларына сүйенеди.

Енди буның ушын қолайлы имканият бар – “Келешек ушын” форумы перспективалы басламалар қаратылатуғын ашық сөйлесиў майданы. Оның тийкарғы мақсети тараў ҳәм аймақларды раўажландырыўға жәмийетшиликти тартыў, халықтың усынысларын жүзеге шығарыў, реформалардың халықшыллығын тәмийинлеў болып есапланады.

Форум Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-июльдеги “Реформаларды әмелге асырыўда перспективалы басламаларды және де қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық өткериледи. Буның ушын жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте система жолға қойылды, kelajakuchun.gov.uz крауд-платформасы иске қосылды.

Форум 3 басқыштан ибарат. Биринши басқышта интакерлер, соның ишинде, сырт елдеги ўатанласларымыз усы крауд-платформаға кирип, One-ID арқалы дизимнен өтеди. 5 тийкарғы бағдардан биреўин таңлап, усыныслары ҳәм жойбарларының мазмунын жазады. Платформада ҳәр бир пуқара 5 ке шекем баслама жибериўи ҳәм жәмәәт болып қатнасыўы мүмкин.

Екинши басқышта барлық жиберилген басламалар экспертлер тәрепинен үйренип шығылады, олардың усынысы тийкарында жетилистириледи. Жуўмағында ең әҳмийетли деп табылған баслама ҳәм идеялар кейинги басқышқа өтеди.

Үшинши басқышта авторлар өз басламаларын Менторлар кеңеси экспертлерине таныстырады. Додалаўларда ең әҳмийетли деп табылған басламалар “Топ-50” ҳәм “Топ-10” түринде сайлап алынады.

Форумның жуўмақлаўшы басқышы Ташкент қаласында өткериледи. Оның сәнеси ҳәм анық орны ҳаққында қосымша хабар бериледи.

Жеңимпаз деп табылған 10 ең алдыңғы баслама Өзбекстан Республикасы Президентине таныстырылады. Жуўмағында мақулланған басламалар турмысқа енгизиледи. Олардың авторлары материаллық хошаметленеди, жойбарлары мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланады.

Таңлап алынған басламаларды коммерцияластырыў ҳәм қаржыландырыўға Бизнести раўажландырыў банки ҳәм басқа коммерциялық банклер, илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары бағдарланады.

Форумға келип түскен басқа басламалар мәмлекетлик бағдарламалар, тармақ ямаса аймақлар бойынша “жол карталары”н қәлиплестириў ушын Ҳүкимет тәрепинен көрип шығылады. Форум шеңберинде барлық процесслер Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги тәрепинен муўапықластырып барылады.

Форумда қатнасып, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын өз усынысыңызды жибериң! Әйне Сизиң басламаңыз жеңимпаз деп табылыўы мүмкин.

ӨзА