Аўыл хожалығына хызмет көрсетиў жетилистирилмекте

45

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятына сапары шеңберинде Шараф Рашидов районындағы “Агроорай” аўыл хожалығы кәрханалары комплексинде де болды.

Елимизде аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар себепли тараўда имканиятлар кеңейип, зүрәәтлиликти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Орынларда агроорайлар шөлкемлестирилип, фермер ҳәм дийқанларға комплексли хызмет көрсетиў жолға қойылмақта.

Жиззақ ўәлаятының Шарап Рашидов районында да әне, усындай орай жумыс баслады.

Орайда өсимликлерди қорғаў лабораториясы, ветеринария дәриханасы, агроном мәсләҳәт, туқым ҳәм нәллер жеткерип бериў, халықтың шаңарақларына ыссыханалар қурыў, агромаркет дүканы, мини-техникалар сатыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарлар бар.

Бул жерде аўыл хожалығы бойынша барлық хызметлер “бир айна” принципи тийкарында жолға қойылған. Бир гектар майданды қамтып алған орайдың биринши қабатында өсимликлерди қорғаў қураллары дүканы, ветеринария дәриханасы, туқым дүканы, агромаркет, мобиль бригада ханалары ҳәм 8 басқа да хызмет бөлмелери жайласқан.

Екинши қабатта өсимликлерди қорғаў лабораториясы бар. Сондай-ақ, топырақ ҳәм суў анализи ханасы, энтомология және фитопатология ханалары шөлкемлестирилген.

Орай аймағында ўәлаятлық аўыл хожалығы басқармасы, Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң бөлими, агроинспекция, туқымгершилик орайы, қаракөлшилик ассоциациясы ҳәм аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши басқа да шөлкемлер жайласқан.

Мәмлекетимиз басшысы агроорай жумысы менен танысты, орайдың жумысын буннан былай да кеңейтиў, қарыйдарларға хызметлерди көбейтиў ҳәм аўыл хожалығында қосымша қун жаратыў бойынша усынысларын берди.

ӨзА