Жиззақта инвесторларға анық жойбарлар пакетин усынатуғын орталық қәлиплести

84

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.  

Бүгин ўәлаятта ҳәр бир районның қәнигелесиўинен келип шығып, инвесторларға анық жойбарлар пакетин усынатуғын орталық қәлиплести.

Ўәлаяттағы үлкен потенциал есабынан ҳәзирдиң өзинде 12 миллиард долларлық 152 ири инвестициялық жойбар портфели таяр екени жәрияланды.

Олар әмелге асырылса, ўәлаят санаат, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўында және де раўажланған ҳәм тартымлы аймаққа айланады. Атап айтқанда, ўәлаяттың таўлы, суўлы ҳәм жайлаў аймақлары бағшылық ҳәм туризм бойынша, дала ҳәм шөл жер көп районлар болса санаат бойынша жаңаша қатнаслар тийкарында раўажландырылады.

Сондай-ақ, санаат зоналарындағы 3 дирекция негизинде инвесторларды күтип алыў, оларға жәрдемлесиў, маркетинг пенен шуғылланатуғын Бирден-бир басқарыў компаниясы шөлкемлестириледи.

Бул компанияға санаат зоналарында жайласатуғын жойбарларға жердиң базар баҳасында үлес болып кириў ўәкиллиги бериледи.

ӨзА