Жаңа илимий-изертлеў станциясы жумыс басланды

50

Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлкемлестирилген илимий-изертлеў станциясы ашылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри И.Абдурахмонов ҳәм Инновациялық раўажланыў агентлиги директоры А.Норов қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Ш. Мирзиёев басшылығында Аралбойы аймағында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм жергиликли экосистеманы тиклеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

2022-жылы Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Арал теңизи ултанында экологиялық ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм ондағы машқалаларға нәтийжели шешим табыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген еди. Усы тийкарда өткен жыллар даўамында улыўма баҳасы 15,7 миллиард сумлық 17 жойбар қаржыландырылып, усы жылы 57,1 миллиард сумлық 21 жойбар әмелге асырылмақта.

Усындай жойбарлар қатарында пайдаланыўға тапсырылған бул жаңа илимий-изертлеў станциясы экологиялық тиклеў жумысларын нәтийжели қадағалаў, шорға шыдамлы өсимликлердиң өсиўин бақлаў ҳәм нәтийжели илимий изертлеў жумысларын алып барыўда әҳмийетли есапланады.

Жаңа илимий-изертлеў станциясы тек ғана тәбиятты қорғаў емес, ал, региондағы илимий изертлеўлер ҳәм экологиялық изленислер ушын орай сыпатында хызмет етеди ҳәм Аралбойы аймағының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги