Контрабанда ҳәм нызамсыз товар алып кириўге қарсы гүресиў бойынша әмелий түсиниклер берилди

“Нөкис” сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында бажыхана инспекторлары тәрепинен студентлер ушын профилактикалық илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты юриспруденция бағдарында билим алып атырған студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыў даўамында пост хызметкерлери студентлерге бажыхана постының қалай ислеўи, жүклер ҳәм транспорт қуралларының бажыхана қадағалаўынан өтиў процесслери, хызметкерлердиң күнделикли хызмет ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берди. Сондай-ақ, бажыхана тараўы ушын әҳмийетли болған нызамшылық талаплары, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, контрабанда ҳәм нызамсыз товар алып кириўге қарсы гүресиў бойынша әмелий түсиниклер берилди.



Илажда бажыхана хызметкерлериниң лаўазым ўәкиллигинен материаллық ямаса материаллық емес мәп есесине пайдаланыўы, дәмегөйлик жағдайларына дус келсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының +99861 224-90-86 исеним номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи еслетип өтилди.
Студентлер өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, бажыхана системасындағы жумыс процесслери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги