Өзбекстанның барлық мешитлеринде жаўын сорап, намаз оқылады – Мусылманлар мәкемеси

Өзбекстанда гүз мәўсими жаўын-шашынсыз өтип атырғаны, келеси күнлерде де жаўын-шашын болыўы күтилмей атырғаны себепли муфтийдиң басламасы менен, 28-ноябрь күни жума намазынан кейин – Өзбекстандағы барлық мешитлерде “жаўын сорап, жәмәәт пенен еки ракат намаз оқылады.”
Сондай-ақ, ўәлаятлар, район-қалалар орайлық мешитлери ҳәм зыярат орынларында маллар сойылып, жәрдемге мүтәж шаңарақлар, жетим-жесирлерге, бағыўшысын жоғалтқан кекселерге тарқатылады.
Буннан тысқары, ӨМУ қарамағындағы Жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемелериниң устаз ҳәм студентлери тәрепинен Имам Бухарий “Саҳиҳи Бухарий” шығармасы усы жылы 28-ноябрь күни жума намазына шекем хатм етиледи (оқып шығылады).
“Негизинде, Имам Бухарийдиң “Саҳиҳ”лери қурғақшылықта оқылғанда, Аллаҳ тааланың қәлеўи менен жаўын жаўғаны тарийх китапларында жазылған,” – делинеди ӨМУ хабарында.
Басқарма Мекке ҳәм Мадинада умра зыяратында болып турған елиўбасы имамларға Еки Ҳәремде өз топарлары қатнасыўында намаз оқыўды усыныс етеди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги