Саудия Арабстанында “Grok” жасалма интеллект модели иске қосылады

22

Жақында “хАI” ислеп шығарыў компаниясының ийеси Илон Маск Саудия Арабстанының “Humain компаниясы ҳәм графикалық процессор ислеп шығарыўшы “Nvidia менен биргеликте Ар-Риёдта жаңа мағлыўматлар орайын қуратуғынын жәриялады.

– Бул бирге ислесиў ҳәр бир мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шөлкемге алдынғы қарар қабыл етиў имканиятларын беретуғын бирден-бир миллий дәрежедеги жасалма интеллект қатламын жаратады ҳәм Патшалықты глобаллық ЖИ трансформациясының алдынғы қатарына қояды, – делинеди “xAI” тарқатқан билдириўде.

“Grok” сондай-ақ, “Humain”ның “Humain One” платформасына интеграцияланады.

С.Раҳимов, ӨзА