Саудия Арабстанында “Grok” жасалма интеллект модели иске қосылады

Жақында “хАI” ислеп шығарыў компаниясының ийеси Илон Маск Саудия Арабстанының “Humain” компаниясы ҳәм графикалық процессор ислеп шығарыўшы “Nvidia” менен биргеликте Ар-Риёдта жаңа мағлыўматлар орайын қуратуғынын жәриялады.
– Бул бирге ислесиў ҳәр бир мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шөлкемге алдынғы қарар қабыл етиў имканиятларын беретуғын бирден-бир миллий дәрежедеги жасалма интеллект қатламын жаратады ҳәм Патшалықты глобаллық ЖИ трансформациясының алдынғы қатарына қояды, – делинеди “xAI” тарқатқан билдириўде.
“Grok” сондай-ақ, “Humain”ның “Humain One” платформасына интеграцияланады.
С.Раҳимов, ӨзА