«Әскерий бөлимде бир күним» илажы шөлкемлестирилди

Арқа-батыс әскерий округинде «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан!» ийгиликли идеясы тийкарында «Әскерий бөлимде бир күним» илажы шөлкемлестирилди.
Жасларда Ўатан тәғдирине бийпарық болмаў сезимин беккемлеў, ел-журт тынышлығын қорғаў, әскерликке қызығыўшылықты арттырыў мақсетинде өткерилген илажда пайтахтымыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшы-жаслары қатнасты.
– Жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат, садықлық, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әскерий бөлимлерде шөлкемлестирилип атырған усындай илажлардың орны шексиз, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлим баслығы Бахытбай Қошжанов. – Бүгинги күнге шекем мыңлаған жасларымызды усындай әскерий бөлимлерге алып келип, олардың әскерий хызметке қызығыўшылығын арттырыўға еристик.
Илаж шеңберинде музейге саяхат шөлкемлестирилип, тарийхта өткен уллы сәркардалардың жаўынгерлик өнериниң раўажланыўына қосқан үлеслери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Қурал-жарақлар ҳәм техникалар, заманагөй әсбап-үскенелер менен таныстырылды. Оқыў тренажёрларында оқ атыў бойынша әмелий шынығыўлар исленди. Бир сөз бенен айтқанда күн даўамында әскерий округте болған жаслар үстине әскерий липас кийип, өзлерин ҳақыйқый әскердей сезинди. Сап таярлығынан өтип, қол урысы элементлерин үйренди. Әскерий бөлим асханасындағы түсликте оқыўшылар ўатан қорғаўшылары тағамнамасынан орын алған аўқатлардан татып көрди.
Усы күни округ китапханасында «Чемпион ҳәм жаслар ушырасыўы» өткерилди. Күнниң екинши ярымында жасларға дала оқыў шынығыўлары ушын керекли әсбап-үскенелер берилип, дала оқыў майданында әскерий бирликти, сергекликти, шыдамлылықты арттырыўшы шынығыўлар, әскерий оркестр шығыўлары оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж жуўмағында белсене қатнасқан бир топар жаслар мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги