Халықтың турмыс жағдайын жақсылаў жолындағы жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ең дәслеп Сарышүңгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Таўша аўылына барды. Атап өтиў керек, бул жерде алдын 149 пуқараның турақ жайлары термиттен зыян көрип, жасап атырған еди. Бул машқаланың шешими таўылып, дерлик барлық хожалықлардың қәўипсиз орынға көширилиўи тәмийинленди.
Буннан соң, Бағман мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Балық ЮК» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жолға қойылған балық өршитиў жойбары, сондай-ақ, Қумбыз мәкан пуқаралар жыйынындағы «Қырық қыз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жолға қойылған тигиўшилик кәрханасы жумыслары менен жақыннан танысып, исбилерменлердиң өз жумысын кеңейтиўи ушын барлық әмелий жәрдемлерди көрсетиў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Соңынан, Пәрўаз мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жолға қойылған «Kingsman» жеке меншик мектебиниң жумыслары үйренилип, улыўма билим бериў мектеплери менен бирге мәмлекетлик емес мектеплердиң жумысы жолға қойылыўы билимлендириў сапасын еле де арттырыўға хызмет етиўи ҳәм алдағы ўақытлары бундай мектеплерди еле де көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Фаррухбек Хожели» фермер хожалығы тәрепинен жолға қойылған шарўашылық жойбары менен де жақыннан танысып, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған бундай жойбарлар басламашылары бәрқулла қоллап-қуўатланыўы керек екенлигин айрықша тилге алды.
Усылар менен бир қатарда, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша райондағы көше бийлери, нураныйлар менен ушырасып, әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.



Буннан соң, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерилип, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери талқыланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги