Өзбекстан ҳәм Латвия арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлардың биринши мәжилиси өткерилди

Усы жылдың 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Латвия арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлардың биринши мәжилиси онлайн форматта өткерилди.
Өзбекстан ҳәм Латвия арасындағы дослық қатнасықлары беккемленип атырғаны атап өтилип, олар беккем тарийхый тийкарларға ийе екени және өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.
Илажда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестиция, экспорт, туризм, мәденият, билимлендириў, аўыл хожалығы, миграция, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы қатнасықларды кеңейтиў додаланды.
Парламент ағзалары Өзбекстан менен Латвия арасындағы қатнасықларды, соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында буннан былай да раўажландырыўға итибар қаратты.

Көп қырлы бирге ислесиўди, атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы байланыслар, экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды кеңейтиў және аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, дослық байланысларын орнатыўда парламентлердиң қатнасыўын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында биргеликтеги басламалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги