Euronews: Ташкенттиң AI стратегиясы Европаны қызықтырмақта

31

“Euronews”тиң жазыўынша, Өзбекстанда Президент пәрманы менен үлкен көлемдеги AI ҳәм мағлыўмат орайы жойбарларын тартыў ушын “tax-free” – “салықтан жырақ” арнаўлы зона шөлкемлестирилди. Усы тәризде мәмлекет 85 миллион евродан аслам сырт ел инвестициясын тартыў, инфраструктураны мәмлекет жәрдеминде қоллап-қуўатлаў, инвесторларды арзан электр энергиясы ҳәм қайта тиклениўши дереклер менен тәмийинлеўди мақсет еткен.

Басылым бул жойбардың ең салмақлы бөлеги Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырғанын атап өтип, таңлаўды стратегиялық қарар деп баҳалады:

– Аймақта электр ислеп шығарыў тутыныўға салыстырғанда 10-15 процент көп, климат салқын, жер майданы көп. Республика Қазақстан ҳәм Транскаспий коридорына ең жақын регион сыпатында өзине тән экспорт потенциалына ийе. Дурыс, Арал бойында кризиске байланыслы суў ресурслары шекленген. Нәтийжеде, жаңа орайлар көп суў талап етпейди. Яғный, аз суў жумсайтуғын суўытыў технологиясынан пайдаланады. Қарақалпақстанның орташа 12-14°С температурасы тәбийғый суўытыў мүмкиншилигин арттырады. Нәтийжеде энергия жумсалыўы кескин азаяды.

Сондай-ақ, “Euronews” мақаласында бул баслама қосымша жумыс орынларын жаратыўы, аймаққа IT қәнигелерин тартыўы, регионды жасалма интеллект ҳәм космослық мағлыўматлар бойынша жаңа орайға айландырыўы күтилип атырғанына итибар қаратқан. Санлы технологиялар министрлигиниң мәсләҳәтшиси Камола Собированың пикиринше, Қарақалпақстан үлкен мағлыўмат орайлары ушын сийрек ушырасатуғын энергетикалық, тәбийғый ҳәм географиялық абзаллықларды өзинде жәмлеген. Демек, бул регион тек ғана мәмлекет емес, ал пүткил Орайлық Азия көлеминде AI хызметлери экспорты ушын ири платформаға айлана алады.

Мәмлекетимиз басшысының пәрманы Өзбекстанның 2030-жылға шекем толық AI экосистемасын жаратыў режесине үнлес. Ҳүжжетте елимизге 860 миллион евродан аслам инвестиция тартыў, университетлер менен биргеликте AI лабораторияларын ашыў, кеминде 100 жасалма интеллект жойбарын иске қосыў ҳәм IT хызметлериниң экспорт баҳасын 4,3 миллиард евроға жеткериў белгиленген. Басылымның жуўмақлаўшы шешиминде мәмлекетимиздиң AI ҳәм мағлыўмат орайлары ушын арнаўлы салықтан азат аймақ шөлкемлестирилиўи тек ғана технологиялық секириў емес, ал экологиялық ҳәм экономикалық реабилитация стратегиясының да әҳмийетли басқышы сыпатында баҳаланған.

Мусулмон Зиё, ӨзА