“Бир байрақ астында” эстафетасы жүреклерге мақтаныш бағышлады

63

“Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы нызам қабыл етилгениниң 34 жыллығы “Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ!” сүрени астында мәмлекетимиз бойлап миллий бирлик, аўызбиршилик, жоқары ўатансүйиўшилик салтанаты сыпатында кеңнен белгиленбекте.

Бизге белгили, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәденият министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте усы жылдың 8-18-ноябрь күнлери “Бир байрақ астында” республикалық эстафета илажлары өткерилди.

Символикалық байрақ 8-ноябрьден баслап елимиздиң барлық аймақларын қамтып алған ҳалда, үш жөнелисте пайтахтқа қарай ҳәрекетленди.

Биринши, батыс жөнелис – 8-ноябрь күни байрақлы эстафета Қарақалпақстан Республикасы Мойнақтан басланып Хорезм, Бухара, Наўайы, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары арқалы жүрген болса, екинши, қубла жөнелис – байрақ эстафетасы 8-ноябрь күни Сурхандәрья ўәлаяты Сарыасия қаласынан басланып Қашқадәрья, Самарқанд ўәлаятлары арқалы ҳәм үшинши, шығыс жөнелис бойынша 10-ноябрь күни Әндижан ўәлаяты Ханабад қаласынан басланып Ферғана, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларынан өтип Ташкент қаласына жетип келди.

Қуўанышлы тәрепи, барлық аймақларда эстафета қатары көзлеринде, жүзинде, ҳәрекетлеринде миллий мақтаныш сәўлеленген ўатанласларымыз бенен кеңейип барды. Бул баслама шын мәнисинде ҳәммени бирлестирип, улыўма миллий ҳәрекетке айланды.

Үш бағдардан келген рәмзий байрақлар әскерлер, зыялылар, мәденият ғайраткерлери, спортшылар ҳәм жетекши жаслардың қатнасыўында салтанатлы түрде күтип алынды. Символикалық байрақ Бектемир районы “Роҳат” посты, Мырза Улығбек районы “Жаңа Өзбекстан” бағы комплекси, Чиланзар районы “Еркин” посты ҳәм Жаңа Өзбекстанның жаңа мәнзиллеринен өтип, Ташкент қаласындағы “Халықлар дослығы” майданына үш тәрептен кирип келди ҳәм бирден-бир байрақ астында бирлести.

Кең жәмийетшилик ўәкиллери, зыялылар, илимпазлар, шайырлар, әдебияттаныўшылар, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, спортшылар, әскерлер, жаслар менен толы майданда үлкен байрам бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов мәмлекетлик нышанлардың тарийхый, руўхый ҳәм тәрбиялық әҳмийети ҳаққында пикир билдирип, эстафета жойбары халқымызды бирден-бир мақсет жолында бирлестириў, жақсы арзыў-нийетлерге илҳамландырыў, кеўиллерде миллий мақтаныш, ўатансүйиўшилик ҳәм садықлық сезимлерин және де беккемлеўге қаратылғанын атап өтти.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы гала-концерт пенен даўам етти. Ўатан сүйиўшилик, миллий мақтаныш, аўызбиршилик ҳаққындағы қосықлар ҳәммеге көтериңки кейпият, байрам кейпиятын бағышлады.

Дронлар шоуы илажды әжайып жуўмақлады.

 

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы