Мийнет миграциясы тараўындағы ўазыйпалар ҳәм режелер таныстырылды

40



Президент Шавкат Мирзиёевқа сыртқы мийнет миграциясы системасын жетилистириў ҳәм миграция процесслерин халықаралық стандартлар тийкарында жолға қойыў мәселелери бойынша мәлимлеме берилди.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде пуқараларды сырт елге мийнет етиў ушын тәртипли жибериў бойынша әмелге асырылып атырған системалы жумыслар себепли мийнет базары диверсификацияланбақта, пуқаралар тийкарынан жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орынларында ислеў ушын сырт елге кетпекте. Нәтийжеде 2016-жылға салыстырғанда сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралардың саны азайған болса да, олар тәрепинен жиберилген қаржы 3,8 миллиард доллардан 2025-жылдың он айының жуўмағы бойынша 15,8 миллиард долларға жетти.

Презентацияда сырт ел мийнет базарында маман қәнигелерге талап үлкен екени атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 140 мың қәнигеге буйыртпа бар, бирақ тил ҳәм кәсиплик маманлық бойынша талапларға жуўап бере алатуғын қәнигелерди таярлаў бағдарында исленетуғын жумыслар еле көп екенлиги көрсетип өтилди. Буннан тысқары, мийнет миграциясы хызметлери ҳәр жерде жайласқанлығы себепли адамлар әўерегершиликке дус келмекте.

Усы мақсетте тараўдағы хызметлерди тәртипке салыў, барлық процесслерди “бир айна” принципи тийкарында бирлестириў ўазыйпасы қойылды.

Ташкент қаласы Учтепа районында “Сырт елге жумысқа таярлаў орайы”, Термиз қаласында “Бирден-бир миграция хызметлери” орайы шөлкемлестириледи. Пайтахтымыздың Яшнабад районында болса халықаралық компаниялар менен биргеликте немис ҳәм япон тиллерине оқытыў мектеплери ашылады.

Кейинги жыллары Европа мәмлекетлерине миграция ағымы 4 есеге көбейгенлиги атап өтилди. Ол жерде ислеп атырған пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бир қатар Европа мәмлекетлери менен мийнет миграциясы бойынша келисимлер жоқ. Президент тәрепинен тийисли ҳүкиметлераралық ҳүжжетлерге қол қойыў жумысларын жеделлестириў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, сырт мәмлекетлерде миграция бойынша атташе ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мийнет миграциясы агентлигиниң ўәкилханаларын көбейтиў, елимиз аймақларында болса виза орайларының көшпели офислерин ашыў режелестирилген.

Презентацияда миграция хызметлерин санластырыў мәселеси де көрип шығылды.

“Сырт елде жумыс ислеў” платформасында 25 түрдеги хызмет көрсетилмекте, усы жылдың басынан берли 524 мың пуқара онлайн хызметлерден пайдаланған. Бирақ хызметлердиң ҳәммеси де санластырылмаған.

Президентимиз системаға жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы хызмет көрсетиў процесслерин буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Платформада биометрикалық идентификациялаў, сырт елдеги жумыс орынларын реал ўақыт режиминде бақлаў, пуқараларға аралықтан мәсләҳәт бериўди жолға қойыў бойынша режелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Миграция агентлигинде пуқараларға күни-түни оператив жәрдем беретуғын ситуациялық орай шөлкемлестириў усыныс етилди.

Презентацияда нызамсыз миграция ҳәм консалтинг хызметлерин көрсетиўде алдаўшылық жағдайларының көбейип баратырғаны көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен мийнет мигрантларының ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде халықаралық аэропортларда интерактив миграция инфокиосклерин орнатыў, лицензиясыз жумыс алып барған консалтинг шөлкемлери ушын жәрийма муғдарын арттырыў усыныс етилди. Жынаят кодексине нызамсыз миграцияны шөлкемлестириў ҳәм жәрдем бергени ушын жуўапкершилик киргизиў мәселесин үйрениў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды мақуллап, мийнет миграциясы процесслерин және де қолайлы, қәўипсиз ҳәм ашық-айдын етиў бойынша жуўапкерлерге қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА