Тәжикстанның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды
63

Бүгин, 18-ноябрь күни Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон мәмлекет Сыртқы ислер министрлиги басшылығында кадрлар өзгерислерин әмелге асырды. Бул ҳаққында Тәжикстан президентиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Президент пәрманына бола, 2021-жылдың май айынан берли Тәжикстанның Өзбекстандағы елшиси болып ислеп келген Абдужаббор Раҳмонзода ийелеп турған лаўазымынан азат етилген. Бул лаўазымға усы күнге шекем Тәжикстан Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары болып ислеген Насриддин Исматулло тайынланған.
Соның менен бир қатарда, Ҳүкимет қарарларына бола, Насриддин Исматулло СИМ баслығының биринши орынбасары лаўазымынан азат етилген. Оның орнын болса Фаррух Ҳамрализода ийелеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги