Жаслар менен ушырасыў

54

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар менен ашықтан-ашық сәўбетлесиўди жолға қойыў, олардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаў мақсетинде «Министр ҳәм жаслар ушырасыўы» шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник Бахтияр Төребеков ҳәм ишки ислер уйымлары ўәкиллери қатнасты. Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров ашып, бул ушырасыўдың әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм жаслардың мәмлекет және жәмийет турмысындағы белсене қатнасы, оларды ҳуқықый билимлер менен қуралландырыў әҳмийетли мәселе екенлиги атап өтилди.

Илаж даўамында жаслар тәрепинен исленип атырған ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўға ийтермелеў мәселелери бойынша да кең түрде пикирлер билдирилди.

Ишки ислер министри жасларды профилактикалық илажларға белсене қатнасып, әтирапта жүз берип атырған ҳәр қыйлы унамсыз ҳәм кеўилсиз ҳәдийселерге бийпәрўа болмастан, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге шақырды.

Илажда жаслар қатнасыўында жүз берген ҳәр қыйлы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлери сәўлеленген презентация жыйналғанлардың дыққатына усынылды. Студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм министрге пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда Киберқәўипсизлик басқармасының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен кибержынаятлардың алдын алыў бойынша тийисли түсиндириў жумыслары алып барылды.

Ушырасыў жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, оларды Ўатан раўажланыўы жолында жуўапкершиликли болыўға шақырыў ҳәм ишки ислер уйымлары менен бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги