Орынларда бир қатар судьялардың ўәкилликлери мүддетинен алдын сапластырылды

33

Судьялар жоқары кеңесиниң қарары менен Ташкент қалалық судының пуқаралық ислери бойынша судьясы О.Саттаров, Наманган ўәлаяты жынаят ислери бойынша Чуст районлық судының тергеў судьясы С.Йўлдашев ҳәм Ферғана ўәлаятлық судының экономикалық ислер бойынша судьясы Д.Убайдуллаев – жазба арзаларына бола судьялық ўәкилликлери мүддетинен алдын тоқтатылды.

Сондай-ақ, Хорезм ўәлаяты жынаят ислери бойынша Янгибазар районлық судының тергеў судьясы Д.Матниязов – Судьялар әдебияты кодексиниң талапларын бузғаны ушын лаўазымынан азат етилип, судьялық ўәкилликлери мүддетинен алдын сапластырылған.

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық судының судьясы З. Аметова да жазба арзасына бола, лаўазымынан азат етилди. Оның ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў мақсетке муўапық, деп табылған ҳәм бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усыныс киргизилген, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги