Санлы дүньяда қаржымыз қәўип астында болмаўы ушын сергекликти және де күшейтиўимиз зәрүр

47

Қарар ҳәм оны орынлаў

Ҳәр бир тараўдың глобаллық тармаққа интеграцияланыўы ҳәм санластырыў процесслери пуқараларға кең имканиятлар жаратпақта. Бирақ бул процесстиң екинши тәрепи де бар, ол ҳәр бир заманагөй инсаннан сергекликти талап етеди.

Жас үлкен ананың пенсиясы, студенттиң стипендиясы ямаса жаңа ғана айлық алған инсанның есабындағы қаржы кибержынаятшылардың нышанына айланып атырғанының гүўасы болмақтамыз. Бул қәўетерли жағдай есапланады.

Бундай жағдайға дус келген пуқаралар финанслық зыян себепли тынышлығын жоғалтады. Көпшилик жағдайларда, қай жерге мүрәжат етиўди билмей қалады. Мүрәжат етилгенде де кибержынаятшыны анықлаў ҳәм қаржыны қайтарып алыў имкансыз.

Демек, бүгинги санлы дәўир бизден онлайн сатып алыўлар, төлемлер ҳәм түрли электрон хызметлерден пайдаланыўда және де абайлы болыўды талап етпекте. Себеби санлы мәкандағы арзымаған итибарсызлық үлкен шығынларға алып келиўи мүмкин.

Мағлыўматларға бола, кейинги бес жыл ишинде мәмлекетимизде кибержынаятлар 68 есеге, өткен жылдың өзинде болса 2023-жылға салыстырғанда 9,1 есеге артқан. Усы дәўирде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлар саны 34 есеге көбейген. Бул жынаятлар нәтийжесинде пуқаралардың жүдә үлкен қаржылары талан-тараж етилген.

Кибержынаятлардың тийкарғы бөлегин банк карталары менен байланыслы жағдайлар қурайды. Олар тийкарынан зыянлы силтемелер ҳәм программалар, банк картасы ямаса мобил қурылманы қадағалаў арқалы исленеди. Сондай-ақ, алдаў жолы менен мобил қосымшалар ҳәм банк карталарын тастыйықлаўшы SМS-кодларды қолға киргизиў усылы да кең тарқалған.

Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў мақсетинде Президенттиң 2025-жыл 30-апрельдеги “Ишки ислер уйымлары системасын санлы трансформациялаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген.

Оған муўапық, Ишки ислер министрлиги мәмлекетте кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленди. Банклер ҳәм төлем шөлкемлерине болса киберқәўипсизлик илажларын күшейтиў, ҳүжимлердиң алдын алыў бойынша қатаң жуўапкершилик жүкленди.

Енди кибержынаятларға қарсы гүресиўде ашық-айдынлық ҳәм банклердиң жуўапкершилигин арттырыў әмелияты жолға қойылады. Ҳәр жылдың жуўмағында Өзбекстанда ең көп кибержынаятлар исленген банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң дизими жәрияланады. Бул арқалы пуқаралардың қаржыларының қәўипсизлиги ҳәм мәлимлеме системаларының исенимлилиги бойынша ашық статистика усынылады.

Усы ўақытқа шекем банклерден ямаса төлем шөлкемлеринен пул урланғанында бул ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланбайтуғын еди. Енди Ишки ислер министрлиги жанындағы Оператив излеў департаменти Киберқәўипсизлик орайы ең көп кибержынаятлар дизимге алынған банклер дизимин жәмийетшиликке жәриялады.

Жыл ақырында ҳәр бир қаржы мәкемеси киберқәўипсизлик нәтийжелилиги бойынша баҳаланады. Қайсы банк қорғаўды күшейткени, қайсысы әззиликке жол қойғаны ашық көрсетиледи. Егер кибержынаят банк ямаса төлем шөлкеминиң айыбы менен жүз берген болса, онда ўақыя деталлары, урланған сумма ҳәм қолланылған киберҳүжим усыллары да жәрияланады.

Жуўмақлап айтқанда, бул система киберқәўипсизликти беккемлеў, қаржы мәкемелериниң жуўапкершилигин арттырыў ҳәм пуқаралардың қаржыларын қорғаўда әҳмийетли қәдем болды. Соның менен бирге, ол кибержынаятлардың себеплерин анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиўде нәтийжели механизм сыпатында хызмет етпекте.

Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзАның хабаршысы