Қазақстан Республикасы Президенти мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 14-16-ноябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер және Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисиниң өткерилиўи нәзерде тутылған.
Күн тәртибиндеги тийкарғы тема – саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл хожалығы, суў ресурслары, мәдений-гуманитарлық жойбарлар сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди тереңлестириў.
Регионаллық ҳәм глобаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери, көп тәреплеме форматлар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылады.
Халықаралық санаат кооперациясы орайы ҳәм бир қатар биргеликтеги жойбарларды иске қосыў, Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.
Қазақстан Республикасы Президенти Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында да қатнасады.
ӨзА