Өзбекстан Президенти түркий мәмлекетлер шөлкеми ақсақаллар кеӊесиниӊ баслығын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мультимодал тасыўлар бойынша халықаралық форумда қатнасыў ушын елимизге келген Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар кеңесиниң баслығы Бинали Йилдиримди қабыллады.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Кеңестиң көп тәреплеме басламаларды муўапықластырыў ҳәм алға қойыўдағы орны ҳәм белсене қатнасыўының артып баратырғанын есапқа алып, шөлкем шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Усы жылы Будапешт ҳәм Габала қалаларында өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитлеринде Өзбекстан тәрепинен алға қойылған стратегиялық усынысларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Ақсақаллар кеңесиниң институционаллық потенциалын беккемлеў, сондай-ақ, түркий халықлардың миллий дәстүрлери, руўхый мийрасы ҳәм мәдений бирлигин сақлаўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды алға қойыў бойынша “Жол картасы”н ислеп шығыўды усыныс етти.

ӨзА