Өзбекстан Президенти ЮНЕСКОның жаңадан сайланған бас директорын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-ноябрь күни БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО)ниң бас директоры лаўазымына сайланған Ҳолид ал-Ананийди қабыллады.
Самарқанд қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясының жуўмақлары ҳәм БМШтың бул абырайлы институты менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Ҳолид ал-Ананийди жоқары лаўазымға сайланғаны менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Өз гезегинде, жаңадан сайланған бас директор Өзбекстан Президентине шөлкемниң бас илажы қоллап-қуўатланғаны ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында кең көлемли бағдарларды қамтып алған системалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплердиң бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, соның ишинде, шөлкемниң мәмлекетимиздеги жойбарлаў жумысын кеңейтиў бағдарындағы умтылысы исенимли екени тастыйықланды.
ЮНЕСКО Бас конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған стратегиялық басламаларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екени атап өтилди.

ӨзА