Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў бойынша илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди

31

Президент Шавкат Мирзиёевқа инфляцияны жылаўлаў ҳәм макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2026-жылға мөлшерленген ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берилди.


Ишки базарды тойындырыў ҳәм инфляция факторларын жылаўлаў бойынша избе-из жумыслар себепли турақлы экономикалық өсиў тәмийинленип атырғаны, инфляцияны төменлетиў ҳәм миллий валютаны беккемлеўде унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.

2025-жыл 1-ноябрь жағдайына бола, жыллық инфляция дәрежеси өткен жылғы 10,2 проценттен 7,8 процентке шекем төменлеген. 2026-жылы бул көрсеткишти 7 процентке шекем түсириў, 2027-жылы болса 5 процент шеңберинде услап турыў режелестирилмекте.

Усы мақсетте ишки базарда товар ҳәм хызметлер усынысын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылады. Атап айтқанда, 2026-жылы банклер аграр тармақ, азық-аўқат санааты ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларды қаржыландырыўды кеңейтеди.

Мәжилисте тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ушын барлық зәрүр илажларды көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жоқары өсиў пәтлери ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде келеси жылы коммерциялық банклер тәрепинен экономикаға ажыратылатуғын кредитлердиң көлеми 450 триллион сумға жеткериледи.

Мәмлекетимиз басшысына микро, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында мәлимлеме берилди. Жыл басынан берли исбилерменлик субъектлерине 116 триллион сумлық кредитлер ажыратылды, бул өткен жылға салыстырғанда 1,4 есеге көп.

Мәҳәлле кесиминде ислесиў шеңберинде 89 мың пуқараның бизнес басламалары қоллап-қуўатланып, оларға 1,1 триллион сумлық кредитлер ажыратылды. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткиш 100 мыңға жеткериледи.

2026-жылы да кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменликке жедел тартыў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў режелестирилген. Микро, киши ҳәм орта бизнести кредитлеў көлемин 140 триллион сумға жеткериў, және 100 мың пуқараның жойбарларын қоллап-қуўатлаў мөлшерленген.

Президентимиз халық ҳәм бизнес ушын турақлы финанслық орталық жаратыў, банк системасына исенимди беккемлеў ҳәм финанс базарында саламат бәсекини раўажландырыў буннан былай да банк-финанс сиясатының бас ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге инфляцияны жылаўлаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиздиң макроэкономикалық турақлылығын беккемлеў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

ӨзА