Өзбекстан U19 чемпионаты Азияда теңсиз деп табылды

Малайзияның Куала-Лумпур қаласында “AFC Special Elite Youth Football Awards – 2025” мәресими болып өтти.
Анығырақ айтатуғын болсақ, бул абырайлы сыйлық жеңимпазын анықлаў мәресими ҳәр жылы турақлы түрде жарысты шөлкемлестириў, жыл даўамында өткерилген ойынлар саны, инфраструктура дәрежеси, төрешилик сапасы, тренерлердиң маманлығы ҳәм соңғы жылларда усы чемпионаттан жетисип шыққан профессионал футболшылар саны есапқа алынған ҳалда шөлкемлестириледи. Жоқарыдағы көрсеткишлер бойынша Өзбекстан Профессионал футбол лигасы тәрепинен шөлкемлестирилип киятырған U19 чемпионаты Азияда теңсиз деп табылды ҳәм жылдың ең жақсы жаслар лигасы деп тән алынды.
Бул сыйлықты AFC бас хаткериниң орынбасары – Шин Ман Гил Лиганың жарысларды өткериў бөлиминиң бас қәнигеси, U19 чемпионатының менеджери – Қудратбек Мадраимовқа тапсырды.
Мәресим ўақтында ҳәзирги ўақытта Жәҳән чемпионатында қатнасып атырған Өзбекстан U17 сайланды командасы қурамындағы көпшилик футболшылар мине усы жарыста қәлиплескени айрықша атап өтилди.
Мағлыўмат орнында, соңғы еки жыл даўамында бул сыйлыққа Японияның түрли жас категорияларындағы лигалары миясар болған еди.
Жавоaҳир Тошхўжаев, ӨзА