Аўылларға жаңа электр тармақларын тартыў даўам етпекте

«Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен ғалаба хабар қаралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, журналистлер Нөкис районындағы Дийқан арна мәкан пуқаралар жыйынындағы жумыслар менен таныстырылды.
Қәнигелер тәрепинен 2025-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў мақсетинде республикамыз аймағында жасаўшы жеке хожалық тутыныўшыларды, социаллық ҳәм санаат тармақларын үзиликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди,
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде «Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалыныӊ балансында узынлығы 20 479,5 километрлик 0,4-110 кВ.лық электр узатыў тармақлары, 6793 трансформаторлық пунктлер болып, олар арқалы республикамыз аймағында жасаўшы жеке хожалық тутыныўшылар, социаллық ҳәм санаат тармақлары электр энергиясы менен тәмийинленбекте.
2025-жылдың январь-aвгуст айлары даӯамында үзиликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде, узынлығы 2411,3 километрлик, 0,4-110 кВ.лық электр тармақларына ҳәм 730 трансформаторлық пунктлерге ири оңлаў жумыслары режелестирип, бүгинги күнде узынлығы 2434,3 километрлик, 0,4-110 кВ.лық электр тармақлары, 745 трансформаторлық пунктлерге ири оңлаӯ жумыслары орынланды.
2025-жыл даўамында үзиликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде, узынлығы 4528,2 километрлик 0,4-6-10 кВ.лық электр тармақлары, 1571 трансформаторлық пунктлерге киши оңлаў жумыслары режелестирип, бүгинги күнде узынлығы 4541,9 километрлик, 0,4-110 кВ.лық электр тармақлары, 1587 трансформаторлық пунктлерге киши оңлаў жумыслары орынланды.
Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бойынша авариялық резерв материаллары жәмленди. Соннан 67 тармақлық трансформатор, 67,9 тонна трансформатор майы, 4,7 тонна АС маркалы сым, 9,8 километрлик кабель, 546 темир бетон бағаналары (опор), 4050 ажыратқыш, автомат, рубильник, изолятор, наконечник, кабель муфталар ҳәм авариялық аўысық бөлеклер (авариялық запас) менен тәмийинленди. Буннан тысқары 39 арнаўлы техника, бригадалар ушын 48 автотранспорт ҳәм авариялық жағдайларды тез-арада сапластырыỹ ушын 80 бригада таяр ҳалатқа келтирилди.
– Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги арнаўлы қарары менен аўыр аймаққа киргизилген мәҳәллелерге қаржы ажыратылып, соның есабынан 39,5 километрлик электр тармақларын реконструкциялаў, модернизациялаў жумыслары режелестирилди, – дейди Нөкис районы электр тармақлары бөлиминиң баслығы Д.Ешниязов. – Ҳәзирги ўақытта режедеги жумыслар толық орынланды.




– Аўылымызда 800 ден аслам хожалық жасайды. Бул жерге 1993-жылы 120 ағаш бағана алып келинип, электр тармақлары тартылған еди. Сол ўақытта бул жумысларға өзим де қатнастым. Айырым жерлерде хожалықлар табылған ағашын қадап, үйлерине тоқ тартты. Көбисиниң тозыўы жеткен еди. Жақында аўылымыздағы көшелерге таза бетон бағаналар орнатылып, жаңа заманагөй сибкабельли электр тармақлары тартыла баслады. Ҳәзир хожалықларымыз оннан пайдаланып атыр. Хожалықларда электр арқалы қосылатуғын техникалар менен үскенелер көбейип, ҳәзирги электр энергиясына болған талап артып атырған бир ўақытта жаңа электр тармақларының тартылыўы халқымызға пайдалы болды. Биз халқымызға усындай қолайлықлар жаратып атырғаны ушын Президентимизден, республикамыз басшыларынан, район ҳәкимлигинен ҳәм тараў басшыларынан оғада миннетдармыз, – дейди усы МПЖдағы «Шоркөл» аўылының турғыны Оразбай Дәрмағанбетов.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги