Медицина тараўы санластырылса, коррупция жоқ болады, деди Президент

52

Жыйналыстан кейинги тәсирлер

Күни кеше мәмлекетимиз басшысы елимиздиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасты.

Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген ушырасыўда Президент мәмлекетлик сыйлықларды тапсырып, тараўда келешекте әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларды белгилеп береди, бир күн алдын қабыл еткен қарарының мазмун-мәнисин түсиндиреди, деп ойлаған едим. Басқалар да, соның ишинде, залдағы қатнасыўшылардың тийкарғы бөлегин қурайтуғын медицина хызметкерлери де сондай пикирде еди, деп ойлайман.

Солай болды да. Барлық аймақлар менен видеоселектор тәризинде өткерилген ушырасыў алдында Президент мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды. Тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетлерин атап өтти. Буннан былай бул сәнени “Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни” сыпатында белгилеўди усыныс етти.

Кейинги жыллары медицина тараўында ерисилген дүньялық нәтийжелер (дүньялық деп айтыўға тийкарлар да келтирилген, буны ҳеш ким бийкарламайды) айырым санлар арқалы атап өтилди. Соң мәмлекет басшысы ерисилген нәтийжелер тарийх болғаны, енди бар кемшиликлерди сапластырыў, тараў алдына жаңа шеклер қойып ҳәрекет етиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Кеўлиндеги ашшы гәплерди де айтыўға мәжбүр екенин атап өтип, медицина мәмлекет ҳәм халық арасында көпир болыўы керек, деген идея бүгин турмыста өз көринисин таўып атырғаны, бирақ айырым басшылар буны аңламай атырғаны, өз ҳәзлигинен ўаз кеше алмай атырғаны ҳаққында ашынған түрде айтты.

Президентимиз жәмийетте муғаллим ҳәм шыпакердиң абырайы ҳәм статусын арттырыўды өз жумысының дәслепки ўақытларынан-ақ тийкарғы мақсет етип белгиленгени ҳәм бул жумысты басқышпа-басқыш әмелге асырып атырғанын айтты. Оның ушын бюджеттен де оғада үлкен қаржы ажыратылып атырғаны, халықаралық шөлкемлер ҳәм банклердиң кредитлери қаратылып атырғанын атап өтти.

– Он жыл алдын тараўда бүгингидей имканият, шараят, технология, пул жоқ еди, бирақ айлық мийнет ҳақы да жылдан-жылға артып бармақта ҳәм бул даўам етеди. Бирақ буған жуўап қандай болмақта? Тилекке қарсы, бул сораўға жуўап бериўге қыйналады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз 26 қәнигелескен орай тек ғана пайтахтта емес, орынларға шығып, ең төменги буўында ислеўи керек екенлигин атап өтти. Тап усындай – олардың филиаллары да өз қәнигелиги бойынша қайсы район, қалада халықтың саламатлық дәрежеси аўыр болса, сол жердеги поликлиникалар менен анық бағдарлама тийкарында ислеўи зәрүр.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы айырым қәнигелескен орайлардың басшыларының жумысынан қанаатланбай атырғаны, олардың өз ўазыйпасына ҳүжданлы қатнаста болмай атырғанын ашынарлы түрде айтты. Айырым басшылар өзине жүдә үлкен муғдарда айлық жазып атырғанын, бул арқалы олар өзлерине болған исенимди аяқ асты етип атырғанын, халықтың жек көриўине ушырап атырғанын атап өтти.

– Президент, мәмлекет ҳеш нәрсе билмейди, деп ойламаңлар, жип узын тасланған, ўақты келгенде усылай тартып аламыз, бирақ ол ўақытта кеш болады, – деди Президентимиз.

Мәжилисте жақсы бир усыныс айтылды. Президентимиз тәжирийбели шыпакерлер, қәнигелер денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм бөлимлери, медициналық орайлардың басшылығына тайынланып, олар шөлкемлестириў жумысларынан артпай атырғанын, өзиниң кәсиплик маманлығынан пайдалана алмай атырғанын атап өтип, тийкарында басшылық ўазыйпаларын менеджерлер атқарыўы, олар шыпакерлердиң нәтийжели ислеўи, наўқаслардың тез саўалып кетиўи ушын шараят жаратыўы, медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын қайғырыўы зәрүр екенлигин айтты. Келеси жылдан усындай система жолға қойылатуғыны билдирилди.

Мәжилисте ең көп тилге алынған мәселе – тараўды санластырыў ҳәм сол арқалы коррупциялық жағдайлардың алдын алыў болды. Президентимиз тараў басшыларын халыққа хызмет етиўге шақырды, мәмлекеттиң медицина тараўына итибарын адамлар өз турмысында сезиўи ушын ўазыйпасын ҳүжданлы түрде орынлаўы керек екенлигин түсиндирди.

Мәмлекетимиз басшысы қолында мағлыўматлар бола тура, көп басшыларды аяп, оларға ислеўи, халыққа хызмет етиўи ушын және имканият берди, нәзеримде. Буннан ким қандай жуўмақ шығаратуғынын ўақыт көрсетеди, әлбетте.

Айтпақшы, ушырасыўда айырымлар турақлы, есап-санақ сөзлерин айта баслағанда Шавкат Мирзиёев “бул жерге сизлер менен сөйлесиў, машқалаларға шешим табыў ушын келгенмен, көбирек усыныслар айтың, мәселелерди ортаға таслаң” деп өзи дөгерекке мүрәжат етти ҳәм қатнасыўшылар менен қызғын пикирлести. Әсиресе, жаслардың пикирлери, усынысларын дыққат пенен тыңлап, ҳеш бир мәселени шешимсиз қалдырмады.

Ушырасыў даўамында бир нәрсеге және бир мәртебе исендим. Президентимиз жас болса да садық, Ўатан ушын, халық ушын хызмет етиўге таяр, ҳүжданы пәк, қолы таза жасларға үлкен исеним билдирмекте ҳәм бәрқулла оларды қоллап-қуўатлаўға таяр. Болмаса, жыйналысты жуўмақлап өз жуўмақларын айтпақшы болғанында сөз сорап қол көтерген жасларды тыңламаған, олар ортаға таслаған мәселелерге шешим таўып бермеген болар еди.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзА