Өзбекстандағы реформалардың нәтийжелери атап өтилди

Таиланд Патшалығы Конституциялық судының Президенти Накхарин Мектраират басшылығындағы делегация Олий Мажлис Нызамшылық палатасына келди.
Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳим Ҳакимов пенен ушырасыўда мийманларға Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, Нызамшылық палатасының нызам дөретиўшилиги бағдарындағы жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын реформалаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылып, жаңа редакциядағы Конституцияда Конституциялық судтың ўәкилликлери кеңейтилгени, суд ҳәкимиятының финанслық еркинлигин тәмийинлеўге байланыслы айрықша статья киргизилгени атап өтилди.
Өз гезегинде, Н.Мектраират Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған тең салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат, кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин айрықша атап өтти.

Оған бола, Өзбекстан кең көлемли реформаларды әмелге асырмақта, Ташкент ҳәм Самарқанд қалалары халықаралық дипломатия орайларына ҳәм ири халықаралық илажлар – форумлар, саммитлер ҳәм конференциялар өткерилетуғын орынға айланды. Соңғы 40 жыл ишинде Өзбекстан Парижден тысқарыда ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына басшылық еткен биринши мәмлекет болып, бул Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тарийхый реформаларға болған жоқары исениминиң айқын көриниси болып есапланады.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Таиланд арасындағы қатнасықлар, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Таиланд Миллий Ассамблеясының Ўәкиллер палатасы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар дүзилгени еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА, ӨзАның хабаршысы