Жиззақ таўларының ең сулыў жерлеринен биринде бой тиклеген айрықша дем алыў орны медицина хызметкерлери ушын саўға етиледи

50

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўында мәлим етилди.

Медицина хызметкерлерине барлық түрдеги мәмлекетлик хызметлердиң төлеми 2 есеге азайтылады. Оған қосымша 100 миллиард сум ажыратылады.

– Егер медицина хызметкери шаңарағы ҳәм перзентлерине көбирек ўақыт ажыратса, өз үстинде тереңирек ислесе, жеке раўажланыў, кәсибине болған муҳаббат, ең әҳмийетлиси, жумысындағы сапа ҳәм өнимдарлық және де артады.

Соның ушын келеси жыл 1-апрельден мәмлекетлик медицина мәкемелериндеги айлықларды толық сақлап қалған ҳалда жумыс ҳәптесин ҳәзирги алты күнликтен бес күнликке өткеремиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жиззақ таўларының ең сулыў жерлеринен биринде бой тиклеген айрықша дем алыў орны медицина хызметкерлери ушын саўға етиледи.

ӨзА