Бүгин жеке меншик клиникалар мәмлекетлик емлеўханалардан айырым жоқары технологиялық хызметлер бойынша алдынға өтип кетти

51

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

Қаршы қаласы, Ангор ҳәм Бостан районларында жүрек-қан тамыр кеселликлери жоқары болыўына қарамастан, Кардиология орайы бул бағдарда анық илаж белгилемеген. Бул орайға үш жыл алдын 5 миллион долларға алып берилген заманагөй лаборатория ҳәм стимуляция үскенелери бир күн де пайдаланылмағаны атап өтилди.

Эндокрин кеселликлердиң дәриси ушын ҳәр жылы 100 миллиард сум ажыратылмақта. Бирақ қалқан тәризли без кеселлиги Қарақалпақстан, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Жиззақта жоқарылығынша қалмақта.

Эндокринология орайы хызметлердиң баҳасын бир жылда 35 процентке арттырған, бирақ кеселликлердиң профилактикасын ойламаған.

Бүгин жеке меншик клиникалар мәмлекетлик емлеўханалар менен теңдей турып, айырым жоқары технологиялық хызметлер бойынша алдыға өтип кеткени атап өтилди.

Мәселен, хирургияда робот технологиялары да биринши болып жеке меншик секторда қолланылды. Бирақ Нейрохирургия, Хирургия орайларының болса робот жәрдеминдеги операцияларды қашан жолға қойыў бойынша режеси жоқ.

ӨзА