Басланғыш медицина мәкемелериниң қуўатлылығы 60 процентке артып, медициналық хызмет халыққа бираз жақынласты

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўда атап өтти.
Экономикамызды турақлы раўажландырыў, адамларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў, жасларға заманагөй билим ҳәм тәрбия бериў, халқымыздың саламатлығын беккемлеў бойынша реформалар жедел алып барылып атырғаны атап өтилди.
Соңғы жыллары медицина тараўының өзине 230 триллион сум (20 миллиард доллар) қаратылды. Быйыл 45 триллион сум, 2016-жылға салыстырғанда болса 6 есеге көп.
Нәтийжеде орынларда 187 жаңа поликлиника ҳәм емлеўхана иске қосылды, 1 мың 244 и реконструкцияланып, үскенеленди.
Басланғыш медицина мәкемелериниң қуўатлылығы 60 процентке артып, медициналық хызмет халыққа бираз жақынласты. Бурын тийкарынан пайтахтта орынланған жоқары технологиялық ҳәм диагностика-емлеў усылларының 400 ден асламы аймақларда әмелге асырылмақта. Жүзлеген қурамалы операциялар ўәлаят орайларына, аз инвазивли операциялар район дәрежесине түсирилди.
– Биринши мәрте 45 районда бөтеке көширип өткериў әмелияты жолға қойылғаны инсан саламатлығы бағдарындағы жумысларымыздың анық әмелий тастыйығы болып есапланады, – деди Президентимиз.
ӨзА