Халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркожынаятлардан нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында

120

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасында нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша 2024-2028-жылларға мөлшерленген миллий стратегияның тийкарғы мақсетлерине ерисиў, нәшебентлик ҳәм шөлкемлескен наркожынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў арқалы халықты, биринши гезекте, жаслардың саламатлығын ҳәм миллет генофондын нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажларды белгилеў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Мақсетлер ҳәм тийкарғы ўазыйпалар.

1.Төмендегилер усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

а) Өзбекстан халқының денсаўлығы ҳәм миллет генофондына айрықша қәўип туўдырып атырған нәшебентлик иллетине қарсы гүресиў ҳәм оған себеп болып атырған шөлкемлескен наркожынаятшылықты сапластырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый, оператив-профилактикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-тәрбиялық илажлар комплексин белгилеў;

б) жас өспиримлер ҳәм жасларымыздың келешегин нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардан ҳәр тәреплеме қорғаў – барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң әҳмийетли ўазыйпасы екенин айрықша  атап өтиў ҳәм олардың бул бағдардағы жуўапкершилигин түп-тийкарынан арттырыў.

  1. Төмендегилер нәшебентлик ҳәм наркология жынаятларының ерте алдын алыў және оларға қарсы кескин гүресиў жумысын әмелге асырыўға жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

а) билимлендириў мәкемелеринде, оқыўшы ҳәм студентлер арасында психоактив затлардың тарқалыўына пүткиллей шек қойыў, жасларда нәшебентликке маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў бойынша тәсиршең илажларды комплексли түрде әмелге асырыў;

б) нәшебентлик қураллары, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер (кейинги орынларда – нәшебентлик қураллары)ның нызамсыз айланысына қатаң жынаят-ҳуқықый механизмлер арқалы шек қойыў, бул бағдардағы жаза илажларын кескин күшейтиў ҳәм жасларға байланыслы исленетуғын нәшебентлик жынаятлар ушын жуўапкершиликти аўырластырыў;

в) нәшебентлик қуралларын республика шегарасынан алып кириў бағдарларын, интернет тармақлары арқалы тарқатыў ҳәрекетлерин, нызамсыз нарколабораторияларды ҳәм наркожынайый бирлеспелерди, соның ишинде, оларға қәўендерлик (көмек берип атырған)  етип атырған лаўазымлы шахсларды анықлаў, олардың жумысына шек қойыў және жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли оператив-излеў ҳәм тергеў жумысын жолға қойыў;

г) нәшебентлик қуралларын таярлаў ушын пайдаланылыўы мүмкин болған химиялық элементлер (прекурсорлар) айланысы үстинен қатаң мәмлекетлик қадағалаўды орнатыў, нәшебентлик қуралларынан медицинада пайдаланыўшы медицина мәкемелери, фармацевтика кәрханалары ҳәм дәриханалардың жумысын қадағалаў әмелиятына санлы шешимлерди енгизиў;

д) халық, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында нәшебентлик ҳәм зәҳәрлениўди анықлаў, емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациялаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған мәнзилли илажларды белгилеў.

  1. II. Нормативлик-ҳуқықый механизмлерди жетилистириў
  2. Ишки ислер министрлиги (А.Ташпулатов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2025-жылдың ақырына шекем бүгинги күндеги әмелият, заман талаплары ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин комплексли үйренген ҳалда нәшебентлик қураллары айланысын тәртипке салыў механизмлери және нәшебентлик қылмыслардың алдын алыў ҳәм әшкаралаўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң анық жуўапкершилигин белгилейтуғын “Нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар ҳаққында”ғы Нызамның жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.
  3. Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Бажыхана комитетиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) шөлкемлескен наркожынаятшылыққа жынайый-ҳуқықый механизмлер арқалы қарсы гүресиў жумысын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Жынаят кодексине “Халықтың саламатлығы ҳәм миллет генофондына қарсы жынаятлар” атамасындағы айрықша жаңа бөлим киргизиў;

б) нәшебентлик жынаятлардың жаңа түрлери, усыллары ҳәм шөлкемлескенлик дәрежесинен келип шығып төмендеги қылмыслар ушын жигирма жылға шекем еркинен айырыў жазасын белгилеўди нәзерде тутатуғын жынайый жуўапкершиликти киргизиў:

  1. i) наркобизнес бирлеспесин шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў, сондай-ақ, нәшебентлик қуралларын шөлкемлескен топар тәрепинен трансшегаралық усылларда ямаса интернет тармағынан пайдаланған ҳалда өткериў;
  2. ii) нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысқа киргизилиўине ҳәкимият (лаўазым) ўәкилликлерин пайдаланыў жолы менен кепиллик етиў яки бундай жынаятлардың ашылыўының алдын алыў мақсетинде хабар бериў;

iii) нызамсыз нарколаборатория шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў;

в) нәшебентлик қуралларын жәмийетлик орынларда пайдаланғаны ушын он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасын қолланыўды нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик жуўапкершиликти киргизиў;

г) наркожынаятлар ислениўи ҳәм қайта ислениўиниң алдын алыў мақсетинде төмендеги қылмыслар ушын жынайый жуўапкершилик илажларын еки есеге шекем аўырластырыў:

  1. i) нәшебентлик қуралларын өткериў мақсетинде көп муғдарда таярлаў, қайта ислеў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса жибериў, сондай-ақ оларды нызамсыз түрде ҳәр қандай усылда көп муғдарда өткериў;
  2. ii) күшли тәсир етиўши затларды билимлендириў шөлкемлеринде, еркинен айырыў орынларында, интернет тармағынан пайдаланған ҳалда, қәўипли ямаса оғада қәўипли рецидивист тәрепинен айланысқа киргизиў, сондай-ақ, оларды көп муғдарда контрабанда етиў;

iii) айрықша категориядағы күшли тәсир етиўши затлардың нызамсыз айланысын (өткериў мақсетисиз) көп муғдарда ҳәм қайтадан ислеў;

  1. iv) нәшебентлик қуралларын ҳәр қандай формада пайдаланыўға тартыў адам өлимине яки басқа аўыр ақыбетлерге себеп болғанда;

д) жас өспиримлерди ҳәм жасларды наркожынаятшылықтан қорғаў мақсетинде:

  1. i) ҳәр қандай наркотик жинаятты жас өспиримлерге қарата ислеў ямаса олардың қатнасыўында ислеўди жынайый жуўапкершиликти аўырластырыўшы жағдай сыпатында атап өтиў;
  2. ii) жас өспирим шахсты күшли тәсир етиўши затларды пайдаланыўға тартқаны ушын тиккелей жынайый жуўапкершилик белгилеў;

iii) билимлендириў шөлкемлери, студентлер жатақханалары, балалар дем алыў орайларында ямаса билимлендириў шөлкемлерине тутас аймақларда күшли тәсир ететуғын элементлерди өткергени ушын жынайый жуўапкершилик илажларын еки есеге шекем аўырластырыў;

  1. iv) жас өспиримлерди күшли тәсир ететуғын затларды билимлендириў шөлкемлери, студентлер жатақханалары, балалар дем алыў орайларында ямаса оларға тутас аймақларда пайдаланыўға тартқаны ушын он жылға шекем еркинен айырыў жазасын нәзерде тутатуғын жынайый жуўапкершиликти киргизиў;

ж) айырым наркожынаятларды ислеген шахсларды жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етпеў тәртибин енгизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы әпиў етиў мәселелери бойынша комиссия қамақтағылардың әпиў етиўге байланыслы мүрәжатларын үйрениўде халықтың генофондына қарсы исленген ҳәр қандай жынаят мәмлекет, жәмийет ҳәм шахс ушын айрықша қәўип екенлигине және оғада аўыр ақыбетлерге алып келетуғынына айрықша итибар қаратсын.

III. Комплексли илажларды белгилеў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў

  1. Нәшебентлик ҳәм наркология жынаятларының ерте алдын алыў және оларға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли әмелий ҳәрекетлер миллий бағдарламасы (кейинги орынларда – Миллий бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери өз тараўлық бағдары ҳәм аймағы кесиминде Миллий бағдарламаның орынланыўын мәнзилли шөлкемлестириў бойынша ҳәр шереклик “жол карталары”н ислеп шығыўды тәмийинлесин.
  3. Нәшебентлик ҳәм наркологиялық жынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм оларға қарсы кескин гүресиў бағдарындағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў және Миллий бағдарламаның орынланыўын системалы түрде қадағалап барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанында жумыс алып баратуғын Республикалық уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топар (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы жумысшы топар) 2-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
  4. Муўапықластырыўшы жумысшы топар (С.Гордеев, Б.Ташматов):

а) Наркотиклер ҳәм оқатар қуралларды қадағалаў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) жанында жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелеринен ибарат Муўапықластырыўшы жумысшы топар штабының қурамын қәлиплестирсин және 2025-2026-жылларда усы Пәрман менен белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин, соның ишинде, орынларға шыққан ҳалда системалы үйрениў ҳәм мониторинг етип барыўды шөлкемлестирсин;

б) Миллий бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың избе-из, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын турақлы түрде ҳәм қатаң қадағалап барсын.

  1. Миллий бағдарлама, тараўлық ҳәм аймақлық “жол карталары”нда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў және анық нәтийжелерге ерисиў бойынша жуўапкершилик мәмлекетлик уйымлар, жергиликли ҳәкимликлердиң жеке биринши басшыларына жүкленсин ҳәм бул бағдардағы жумыс нәтийжелилиги тәмийинленбеген жағдайда, оларға қатаң илажлар көрилиўи ҳаққында ескертилсин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм жергиликли ҳәкимликлер ҳәр ай жуўмағында усы Пәрманда белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша исленген анық жумыслар және Миллий бағдарламаның орынланыўы бойынша есабатларды Агентликке киргизип барады;

б) Муўапықластырыўшы жумысшы топар:

  1. i) ҳәр айда жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм олардың аймақлық бөлимлери және жергиликли ҳәкимликлер басшыларының усы Пәрманда белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың тараўлар ҳәм аймақлар кесиминде орынланыўы бойынша есабатларын тыңлайды, нәтийжелилиги бойынша сын көзқарастан додалаўлар өткереди және бул мәселеге жуўапкершиликсиз қатнаста болған басшыларға лаўазымынан азат етиўге шекемги тәсир илажларын көрип барады;
  2. ii) ҳәр шеректе республикада нәшебентлик ҳәм наркология жынаятларының ерте алдын алыў және оларға қарсы кескин гүресиў бағдарында усы Пәрманға тийкарланып көрилген мәнзилли илажлар ҳәм ерисилген анық нәтийжелер ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барады;
  3. IV. Наркожынаятларының ерте алдын алыў ҳәм анықлаў механизмлери
  4. Санаат ҳәм медицинада пайдаланылатуғын химиялық затлардың синтетикалық наркотиклер, психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши затларды нызамсыз таярлаў процесине кирип барыўының алдын алыў мақсетинде:

а) Өзбекстанда айланысы шекленген прекурсорлар дизимин халықаралық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда кеңейтиў илажларын көрсин ҳәм оны әпиўайыластырылған тәртипте жеделлик пенен жаңалап барыў (толықтырыў) механизмлерин енгизсин;

б) прекурсорлардың нызамлы айланысын тәртипке салыў ҳәм оларды ислеп шығарыўдан (сырттан алып кирилиўинен) баслап реализациялаўға шекемги болған барлық процесслерди (транзит өтиўи, өним ислеп шығарыўда пайдаланыў, сатыў, сақлаў, бериў ҳәм басқалар) электрон қадағалаў системасын жолға қойыўды нәзерде тутатуғын қатаң мәмлекетлик қадағалаў орнатылсын;

в) Агентликке Өзбекстанда прекурсорлар айланысы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырыў және олардың нызамсыз айланысы бойынша ўәкилликли ҳуқық қорғаў уйымларына тергеўге шекем тексериў өткериў бойынша усыныс киргизиў ҳуқықы берилсин;

г) Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаменти ҳәм Бажыхана комитети Контрабандаға қарсы гүресиў басқармасы структураларында, бар штатлар шеңберинде, прекурсорлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бөлимлериниң жумысы жолға қойылсын.

  1. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

а) прекурсорлардың нызамлы айланысын тәртипке салыўға ҳәм бул бағдарда оның барлық басқышларында қатаң мәмлекетлик қадағалаў механизмлерин белгилеўге, сондай-ақ, прекурсорлардың нызамсыз айланысы ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти киргизиўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин;

б) нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жынаятлар ҳаққында хабар берген ямаса анықлаўға жәрдем берген пуқараларды мүнәсип хошаметлеў тәртибин енгизиўди нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов), Ишки ислер министрлиги (А.Ташпулатов) басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2026-жыл 1-июльге шекем Интернет тармағындағы нәшебентлик дүканларын және нәшебентлик қуралларының тарқатылыў жағдайларын жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде анықлаў ҳәм блоклаўға мөлшерленген бағдарламаларды ислеп шығыў бойынша жаслар арасында хакатон өткерсин және ең мақул усынысларды таңлап алып, әмелиятқа енгизиў илажларын көрсин.
  2. Ишки ислер министрлиги (А.Ташпулатов):

а) 2025-жылдың ақырына шекем ишки ислер уйымларының барлық профилактика инспекторларын хызмет алып барып атырған мәҳәллелер аймағында нызамсыз нарколабораториялар ҳәм күшли тәсир ететуғын дәри-дәрмақларды қолдан жасалма усылда қадақлайтуғын цехларды анықлаў бойынша оқытыўды шөлкемлестирсин ҳәм олардың бул бағдардағы нәтийжели жумысын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан мүнәсип хошаметлеў ямаса басқа уйымлар (тармақлық бөлимлер) тәрепинен мәҳәлледе анықланған жағдайда интизамый жаза илажларын қолланыў әмелиятын жолға қойсын;

б) Қорғаныў санааты агентлиги менен биргеликте 2026-жыл 1-мартқа шекем ишки ислер уйымлары ушын оператив-излеў илажларын өткериўде нәшебентлик қураллары үлгилерин экспресс тексериў бойынша ең заманагөй техникалық қуралларды сатып алыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша барлық зәрүр илажларды көрсин.

  1. V. Пәрман орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.Ш.Мирзиёеваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2025-жыл 3-ноябрь