Өзбекстан Республикасы Президенти «С5+1» форматындағы шерикликти және де кеӊейтиўге шақырды

41

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президентиниң рәсмий резиденциясы – Вашингтон қаласындағы Ақ үйде болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң “С5+1” форматындағы саммитинде қатнасты.

Президент Дональд Трамптың басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ жетекшисине тийкар салынғанынан берли өткен 10 жылда регионаллық саўда, транспорт ҳәм энергетика байланысларын раўажландырыўдың нәтийжели механизмине айланған “С5+1” форматындағы саммит шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди. Бул саммит Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық сөйлесиўди раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.

“С5+1” форматы шеңбериндеги бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы бир қатар басламаларды алға қойды.

Бәринен бурын, қатнасыўшы мәмлекетлерде гезекпе-гезек жайластырылатуғын турақлы жумыс алып баратуғын Секретариатты шөлкемлестириў усыныс етилди.

Мәмлекетлик уйымлар, компаниялар ҳәм қаржы институтлары арасында системалы сөйлесиўди тәмийинлеў мақсетинде министрлер дәрежесинде Инвестициялар ҳәм саўда бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, “Орайлық Азия инвестициялық шериклиги” қорын иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азияны Қубла Кавказ ҳәм Европа менен байланыстыратуғын ири транспорт-коммуникация ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырыўда АҚШ пенен белсене ислесиўге таяр екенин билдирди.

Әҳмийетли минералларды излеў, қазып алыў ҳәм терең қайта ислеў бағдарындағы ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў, сондай-ақ, таяр өнимлерди глобал жеткерип бериў шынжырларына киргизиў ушын Арнаўлы комитетти дүзиў усыныс етилди.

Регион аўыл хожалығын Америка технологияларын енгизген ҳалда модернизациялаў мақсетинде Регионаллық агротехнологиялық инновациялар шериклигин шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Гуманитарлық байланысларды беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Президенти АҚШтың жетекши музейлеринде Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений мийрасына бағышланған биргеликтеги көргизбелерди шөлкемлестириў усынысы менен шықты.

Мәмлекетимиз басшысы гезектеги саммитти Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.

Илажда басқа да жетекшилер шығып сөйледи.

Саммит жуўмағында көп тәреплеме ҳүжжетлер қабыл етилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары жуўмақланды.

 

ӨзА