Өзбекстан ҳәм АҚШ жетекшилери еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгенин қоллап-қуўатлады

44

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-ноябрь күни Вашингтон қаласына әмелий сапары шеңберинде Ақ үйде Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп пенен ушырасыў өткерди.

Президентимиз дәслеп Ақ үйдиң Ҳүрметли мийманлар китабында пикир жазып қалдырды.

Соң Овал бөлмеде жетекшилер сөйлесиў өткерди. Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылдың сентябрь айында Нью-Йорк қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Глобаллық  ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соның ишинде, “С5+1” форматында Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы Дональд Трампты ишки ҳәм сыртқы сиясаттағы жоқары табыслары менен қызғын қутлықлады. Оның өткир халықаралық ҳәм регионаллық келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў бағдарында қосып атырған жеке үлеси ҳәм ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Дональд Трамп усы күнлерде Өзбекстан жетекшиси АҚШ ҳүкимети ўәкиллери, ири компаниялары ҳәм финанслық институтларының басшылары менен нәтийжели ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткергенин қоллап-қуўатлады.

Жетекшилер биргеликтеги жойбарларды алға қойыўдың институционаллық механизмлерин жаратыў ҳәм жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы АҚШ жетекшисин өзи ушын қолайлы мүддетте Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

ӨзА