Шымбайлы палўан Өзбекстан кубогин жеңип алды

Хорезм ўәлаятының Үргениш қаласындағы «Ёшлик» спорт комплексинде миллий гүрес бойынша 15 жастағы жас өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.
Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан жас палўанлар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Онда ер балалар 38, 42, 46 ҳәм 50 кг салмақ категориялары бойынша гүрескен болса, қызлар 33, 36, 40 ҳәм 44 кг салмақта кубок жеңимпазларын анықлады.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста Шымбай районындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гүлзийба Балтабаева барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.
– Жарыс оғада қызықлы өтти, – дейди Гүлзийбаның тренери Қаршыға Боранбаев. – Жасырарлығы жоқ, соңғы жыллары көпшилик спорт түрлери сыяқлы, мәмлекетимизде гүрес түри жақсы раўажланып, чемпион болыў қыйын болып бармақта. Бирақ, соған қарамастан бизлер шәкиртлеримизди ҳәр тәреплеме күшли болыўға таярлап атырмыз. Бүгинги жарыста усындай шәкиртлеримиздиң бири Гүлзийба Балтабаева жеңимпаз болды. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз. Несип етсе бул жетискенлик пенен тоқтап қалмай, алдағы жарысларда да жақсы нәтийжелерди қолға киргизиў ушын аянбастан мийнет ете беремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы