“Санлы әўлад қызлары” жойбары мәлимлеме технологияларында жаңа имканиятлар есигин ашпақта

86

Бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары тараўында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың санлы дүньяда потенциалын жоқарылатыў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Усы мәниде, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм “Digital generation Uzbekistan МКШ менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған “Санлы әўлад қызлары” Республикалық таңлаўы мәмлекетимизде ҳаял-қызларды IT тараўына тартыў, оларға илимий ҳәм әмелий имканиятлар жаратыўда әҳмийетли жойбарлардан бири сыпатында тән алынбақта.

Жойбардың бас идеясы қызлардың санлы саўатлылығын арттырыў, оларды мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, жасыл экономика ҳәм климат өзгериўи сыяқлы заманагөй тараўларға қызықтырыўдан ибарат.

Бул таңлаў тек ғана дөретиўшилик қатнасты емес, ал қызлардың келешектеги кәсиплик бағдарын белгилеўде әҳмийетли басқыш ўазыйпасын да атқарады. Район ҳәм қала басқышларынан соң ўәлаят дәрежесинде күш сынасатуғын қатнасыўшылардың идеялары арасында инновациялық шешимлер, стартап идеялар ҳәм билимлендириў технологияларына байланыслы усыныслар да көп ушырасады.

Бизге белгили, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жаңа имканиятлар жаратыў тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленген. Буның ҳуқықый тийкары сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы пәрманы қабыл етилген. Бул ҳүжжетте ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, заманагөй кәсиплерге бағдарлаў ҳәм олардың илимий-изертлеў потенциалын күшейтиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

“Санлы әўлад қызлары” жойбары мине усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық. Таңлаў арқалы қызлар санлы тараўда өз қәбилетин көрсетиў, илимий-дөретиўшилик идеяларын турмысқа енгизиў имканиятына ийе болмақта.

Быйылғы таңлаўда 92 мыңнан аслам қызлардың қатнасыў ушын арза тапсырғаны жойбардың жәмийеттеги тәсир шеңбери ҳәм қызығыўшылық дәрежесин айқын көрсетеди. 2021-жылдан берли турақлы өткерилип киятырған бул жойбар даўамында 100 мыңнан аслам қызлар санлы билимлендириў бағдарламаларында қатнасып, IТ тараўына дәслепки қәдемлерин қойды.

Таңлаўда тек ғана республика көлеминдеги қызлар емес, ал БАӘ, Аўғанстан, Әзербайжан, Иордания ҳәм Қытай сыяқлы мәмлекетлерден келген қатнасыўшылар да өз жойбарларын усыныс еткенин атап өтиў керек. Бул болса басламаның халықаралық көлемге шығыўынан дерек береди.

Жеңимпаз қызлар ушын шөлкемлестирилип атырған билимлендириў саяхатлары болса жойбардың әмелий әҳмийетин және де арттырады. Мәселен, 2024-2025-жылларда жеңимпазлар БАӘ ҳәм АҚШта болып, Emirates National School, Гарвард, Массачуссетс технология институты (МТИ) сыяқлы абырайлы билимлендириў мәкемелериниң жумысы менен танысты. Бундай сапарлар қатнасыўшыларды халықаралық тәжирийбе менен таныстырып, олардың келешектеги жумысы ушын жаңа илҳам дереги болмақта.

“Санлы әўлад қызлары” жойбары – бул тек ғана таңлаў емес, ал келешекте мәмлекетимиздеги санлы экономика тийкарын жарата алатуғын жаңа әўлад қызларын таярлаў бағдарламасы болып есапланады. Ол мәлимлеме технологиялары тараўында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, оларға илимий, дөретиўшилик ҳәм кәсиплик өсиў ушын кең имканиятлар жаратыўда әҳмиетли платформа болып хызмет етпекте.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

Рустам Назарматов (сүўрет)

ӨзА