“Мәртлик мектеплери”не оқыўшыларды қабыллаў ҳәм оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Улыўма орта билим бериў мәкемелеринде шақырыўға шекемги басланғыш таярлық басшысы ҳәм “Мәртлик мектеплери” жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық:
Улыўма орта билим бериў мәкемелери шақырыўға шекемги басланғыш таярлық басшысы лаўазымына талабанларды таңлап алыў ҳәм олардың жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже;
“Мәртлик мектеплери”не оқыўшыларды қабыл етиў ҳәм оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Қорғаныў министрлиги системасында енгизилген шақырыўға шекемги басланғыш таярлық басшыларына олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлери (КPI) тийкарында ерисилген нәтийжелилигинен келип шығып, базалық тариф ставкасының 20 процентине шекемги муғдарда қосымша ҳәр айлық үстеме төленеди.
Бул үстеме Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы қорғаныў ислери басқармалары және район (қала)лық қорғаныў ислери бөлимлериниң қәрежетлер сметаларында қәлиплестирилетуғын хызметкерлерди материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры шеңберинде төленеди.
Мағлыўмат ушын, алдынырақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 15-ноябрьдеги “Оқыўшы-жасларды шақырыўға шекемги басланғыш таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-393-санлы қарарына муўапық;
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги системасында енгизилген шақырыўға шекемги басланғыш таярлық лаўазымына талабанларды таңлаў тийкарында таңлап алыў;
ШШБТ басшылары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлери (КPI) ҳәм олардың мийнетин қосымша хошаметлеў және “Мәртлик мектеплери”не оқыўшыларды қабыл етиў ҳәм оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў тәртибин ислеп шығыў белгиленген еди.
ӨзА