Мәнаўиятты жоқарылатыў жолында

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Ықшамластырыў” жойбарын әмелге асырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған илаж болып өтти.
Илажға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы басшылары, жоқары оқыў орынларының проректорлар, зыялылар, мәҳәлле баслықлары ҳәм нуранийлар қатнасты.
Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы, сиясий илимлер докторы Отабек Ҳасанов шығып сөйлеп, жойбар шеңберинде өткерилетуғын семинар-тренинглерди мазмуны жағынан байытыў, тараў қәнигелери менен биргеликте әмелий илажлар көриў бойынша өз усынысларын билдирди. Әсиресе, бул жойбарды әмелге асырыўда, түсиник жумысларын алып барыўда әлбетте, аймақтың өзине тән өзгешеликлери инабатқа алыныўы зәрүрлигин атап өтти. Сонлықтан, илажда жуўапкерлердиң бул бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олардың билдирген усыныслары улыўмаластырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги