Инклюзив билимлендириў арқалы имканиятлар теңлиги тәмийинленеди

Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекетимиз социаллық мәмлекет екени айрықша атап өтилген. Бул, ең алды менен ҳәр бир пуқараның, соның ишинде, майыплығы болған инсанлардың ҳуқықларын ҳәм имканиятларын қорғаў, олар ушын мүнәсип шараят жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин аңлатады.
Соңғы жылларда мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасы түп-тийкарынан реформаланып, Президентимиздиң басламасы менен инсан қәдирин улығлаў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, майыплығы болған балалар ушын барлық тараўларда, әсиресе, билимлендириў системасында кең имканиятлар жаратылмақта.
– Инклюзив билимлендириў системасы майыплығы болған балалардың басқа қатарлары арасында улыўма билимлендириў процесинде қатнасыўын тәмийинлейди. Бул тек ғана билимлендириўдеги теңлик емес, ал олардың жәмийетке бейимлесиўин, келешекте еркин турмыс кешириў имканиятын да кеңейтеди, – дейди Президент жанындағы Социаллык қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Гүлсара Абибуллаева.
Республикамызда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесинде, жәми 118 мектепте 208 инклюзив класслар шөлкемлестирилген. Бул классларда 261 майыплығы болған бала өз қатарлары менен бирге билим алмақта.
Балалар билимлендириўге Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия (ПМПК) жуўмағына тийкарланып жоллама арқалы қабыл етиледи. Комиссия баланың руўхый, физикалық ҳәм интеллектуаллық жағдайын үйренип, оның имканиятларына сәйкес билимлендириў формасын белгилейди.
Бала өмириндеги усындай өзгеристи, яғный инклюзив билимлендириўдиң турмыслық әҳмийетин Нөкис қаласында жасайтуғын 10 жасар Сыражатдин Пурханатдиновтың мысалында да айқын көриўимиз мүмкин.
Ол 2015-жылы туўылған. 7 жасқа шекем Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитациялық орайында көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланған. Соң, 7-8 жасында узақ ўақыт емленгенлиги себепли мектепке бармаған.
Ал, 2024-2025-оқыў жылынан баслап Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағына тийкарланып Нөкис қаласындағы 51-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 2-класында инклюзив билимлендириў тийкарында оқыўды баслады.
Таяныш-ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болыўына қарамастан, Сыражатдин өз қатарлары менен бирге оқыўды, үйрениўди ҳәм жаңа дослар арттырыўды оғада жақсы көреди. Оның муғаллимлериниң атап өтиўинше, бала жүдә белсенди, оқыўға қызығыўшаң ҳәм жәмийетке бейимлесип атыр.
– Сыражатдин мектепке келгеннен кейин өзгерди. Бурын ол тартыншақ еди, ҳәзир болса класста ең белсенди оқыўшы, қосық ядлайды, сүўрет салады. Оның көзлеринде исеним пайда болған, – дейди оның класс басшысы.
Сыражатдинниң өзи болса Президент пенен ушырасып, оған миннетдаршылығын айтыўды әрман етеди.
– Мен жақсы оқып, үлкен адам боламан. Президентке рахмет айтаман, себеби ол маған оқыў имканиятын берген, – дейди ол шын жүректен күлимсиреп.
Бундай балалардың әрманы, умтылысы ҳәм жәмийеттеги белсендилиги инклюзив билимлендириўдиң ҳақыйқый нәтийжесин көрсетеди.
Шынында да, инклюзив орталық – ҳәммени бирлестиретуғын мәкан.
Инклюзив билимлендириў бүгин жәмийеттиң руўхый раўажланыўын сәўлелендиреди. Ҳәр бир бала қандай жағдайда болыўына қарамастан, билим алыў, дос арттырыў ҳәм өз қәбилетин көрсетиў ҳуқықына ийе.
Мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў мәкемелеринде айрықша шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, пандуслар, арнаўлы үскенелер, индивидуал оқыў режелери, логопед ҳәм дефектологлардың хызметлери жолға қойылмақта.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте бул бағдардағы жумыслар изшил даўам еттирилмекте.





Инклюзив билимлендириў – тек ғана майыплығы болған балаларды мектепке жайластырыў емес, ал жәмийеттиң санасын өзгертиў процеси болып есапланады. Ҳәр бир балаға меҳир менен қатнаста болыў, оның қәбилетине исениў ҳәм имканият жаратыў – ҳақыйқый инсаныйлық белгиси болып есапланады.
Усындай басламалар себепли жүзлеген баланың турмысында унамлы өзгерислер жүз бермекте. Олар жәмийеттиң белсенди ағзалары сыпатында өсип атыр – бул мәмлекетимиздеги социаллық реформалардың ең үлкен жетискенлиги болып есапланады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги