Жасалма интеллект инфраструктурасы ушын 1 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы тартылады

Мәмлекетимиз басшысының “Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен 2026-жылдың ақырына шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары, социаллық тараў ҳәм экономика тармақларында жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў бойынша кеминде 100 жойбар әмелге асырылады.
2030-жылдың ақырына шекем заманагөй жасалма интеллект инфраструктурасын раўажландырыўға 1 миллиард АҚШ долларынан аслам муғдарда сырт ел инвестициялары тартылады.
2026-жылдың ақырына шекем мәмлекетте жумыс алып барып атырған жоқары билимлендириў шөлкемлеринде 15 жасалма интеллект лабораториясы иске қосылады.
2025-жылдың ақырына шекем жасалма интеллект бағдарында әмелге асырылып атырған жойбарлар, бағдарламалар, стартаплар ҳәм бийпул онлайн курслар ҳаққындағы мағлыўматларды сәўлелендириўши “ai.gov.uz” миллий порталы иске қосылады.
2026-жыл 1-январьдан баслап жаслардың жасалма интеллект технологияларына қызығыўшылығын және де арттырыў ҳәм хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын “Жасалма интеллект бағдарындағы ең жақсы стартап” (President AI Award) таңлаўы өткериледи.
Мәмлекетлик уйымлар, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлери және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының санлы трансформация жағдайын баҳалаўда жасалма интеллект технологияларын енгизиў көрсеткишлери инабатқа алынады.
Рейтинг нәтийжесине тийкарланып 2026-жыл 1-марттан баслап жылына еки мәрте ең жақсы жасалма интеллект жойбарларын енгизген министрликлер ҳәм уйымлар арасында “Жасалма интеллект бойынша ең жақсы жойбар” таңлаўы өткериледи.
ӨзА