«Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басланған жумыс ҳәптеси ҳәр қашанғыдай әҳмийетли ўақыяларға бай болыўы күтилмекте

114

Бүгин мәмлекетимиз басшысы усы жылы экономикада күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша кеңейтилген мәжилис өткереди.

Күнниң екинши ярымында Президентимиз АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Гор басшылығындағы делегацияны қабыллайды.

Бизге белгили, Өзбекстан тарийхый илаж – ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясын қабыл етпекте. Президентимиз Самарқандқа келип, биринши мәрте Париж қаласынан тысқарыда өткерилип атырған әнжуманның ашылыўында қатнасады, мәденият, илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша басламаларды алға қояды ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

Буннан тысқары, усы ҳәптеде мәмлекетимизге Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб сапар менен келеди. Саммитлер шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилип, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланады», – деди Шерзод Асадов өз телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги