Социаллық қорғаў миллий агентлиги санаторийлеринде саламатлықты тиклеў көлеми кеңеймекте

108

Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж бөлегиниң турмыс сапасын жақсылаў ҳәм реабилитация имканиятларын кеңейтиў мәмлекетлик социаллық сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Кейинги жылларда бул бағдарда алып барылып атырған системалы реформалар нәтийжесинде санаторийлердиң жумысы да жаңа басқышқа көтерилмекте.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы санаторийлерде жаратылып атырған шараятлар, заманагөй медициналық хызметлер, реабилитация бағдарламаларының кеңейтилиўи ҳәм жоллама тийкарындағы имканиятлардың көбейтилиўи халықтың кең қатламларын қамтып алыўға хызмет етпекте.

2025-жылдың январь-сентябрь айларында Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы санаторийлерде халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын саламатландырыў ҳәм реабилитациялаў жумыслары жаңа басқышқа көтерилди. Усы дәўирде 11 санаторийде жәми 53,1 мың пуқараныӊ саламатлығы тикленди. Бул болса өткен жылғы көрсеткишке салыстырғанда 114,8 процентке көп.

Санаторийлерде дем алғанлардың 40,9 мыңы жоллама тийкарында, 12,2 мыңы болса төлемли тийкарда саламатландырылды. Бул санлар халықтың, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж категориялардың санаторий хызметлерине болған талабының артып баратырғанын көрсетеди. Соның менен бирге, төлемли хызметлердиң көбейгени системаның финанслық турақлылығын да тәмийинлемекте.

Жоллама тийкарында саламатлығы тикленгенлер арасында:

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар – 27,2 мың (66,4%),

Жасқа байланыслы пенсия алыўшылар – 11,9 мың (29,1%),

Басқалардың күтимине мүтәж жалғыз кекселер – 1 022 (2,5%),

Басқа категорияларға кириўши шахслар – 808 (2%).

Бул қурамнан көринип турғанындай, саламатлықты тиклеў бағдарламаларының тийкарғы бөлеги майыплығы болған пуқараларға қаратылған. Сол арқалы мәмлекет олардың денсаўлығын тиклеў, социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм турмыс сапасын жақсылаўды мақсет еткен.

2025-жылы айырым категориядағы пуқараларды саламатландырыў көлеми сезилерли дәрежеде кеңейди. Соның ишинде, урыс майыпларына теңлестирилген шахслар саны 2024-жылдағы 120 дан 316 ға жетип, 2,6 есеге өсиў бақланды. I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың саны болса 11 мың 629 дан 27 мың 197 ге шекем көбейип, 2,3 есеге өсиўи атап өтилди. Бул көрсеткишлер соңғы жылларда социаллық қорғаў системасында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси сыпатында баҳаланбақта.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен санаторий тармағын модернизациялаў, хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм жолламаларды бөлистириўди электрон түрге өткериў илажлары саламатландырыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын бермекте. Нәтийжеде жәрдемге мүтәж категорияларға тийисли пуқаралардың санаторийлерге тартылыўы артып, олардың денсаўлығын тиклеў, руўхый ҳәм физикалық жағдайын жақсылаў бойынша комплексли қатнас жолға қойылды.

2025-жылдың январынан сентябрьге шекемги дәўир соны көрсетпекте, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң санаторий системасы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын саламатландырыўда әҳмийетли орын ийелемекте. Саламатлықты тиклеў көлеми жыл сайын кеңейип, социаллық әдиллик принциплерине тийкарланған мәмлекетлик сиясаттың әмелий көринисине айланбақта.

Келешекте санаторий инфраструктурасын модернизациялаў, медициналық-реабилитациялық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм санлы басқарыў системаларын кеңнен енгизиў арқалы бул бағдар және де раўажландырылыўы күтилмекте.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА