936 субъект социаллық салық бойынша 178,7 миллиард сумлық жеңилликтен пайдаланған

103

Салық комитетиниң хабар бериўинше, сентябрь айында 936 субъект социаллық салық бойынша 178,7 миллиард сум муғдарында жеңилликтен пайдаланған.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап кластерлер, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханалары ушын үш жыл мүддетке социаллық салық ставкасын 1 процент муғдарында белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Бул жеңиллик салық есабатын қәлиплестириў процесинде салық төлеўши тәрепинен тиккелей қолланылады, яғный есапшы тәрепинен белгиленеди.

Усы жылдың сентябрь айында усы тараўда жумыс алып барып атырған 936 кәрхана жәми 178,7 миллиард сумлық жеңилликтен пайдаланған.

Салық төлеўши жеңилликтен пайдаланыў ямаса оны ўақтынша тоқтатып турыў ҳуқықына ийе. Бул жағдай Салық кодексиниң 75-статьясында белгиленген.

Ш.Маматуропова, ӨзА