Омбудсман Москвадағы Өзбекстан пуқаралары менен ушырасты

119

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова Россияға хызмет сапары шеңберинде Москва қаласының Сахарова аймағында жайласқан сырт ел пуқараларын ўақтынша сақлаў орайына барды.

Омбудсманның усынысына бола, орайда сақланып атырған ўатанласларымыз бенен сәўбетлесиўлер өткерилип, оларды қыйнап атырған мәселелер ҳәр тәреплеме тыңланды. Айырым мүрәжатлар орнында шешилди.

Сапар етиў ўақтында пуқаралардың Россия Федерациясы нызамшылығында белгиленген мүддетлерден артық сақланбай атырғаны анықланды.

Сондай-ақ, шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ болған жағдайларда, Ишки ислер уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасының Москва қаласындағы елшиханасы арасында ҳүжжетлестириў жумыслары тийисли дәрежеде жолға қойылғаны атап өтилди.

Буннан тысқары, айырым ҳаял пуқаралардың жақынлары менен байланысыўына жәрдемлесилди ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА