Пенсияға шығыўда жаңа жеңилликлер белгиленди

99

Ҳуқықый қатнас

Усы жылдың 1-мартынан баслап 60 жасқа толған ер адамларға ҳәм 55 жасқа толған ҳаял-қызларға пенсиялар сол күнниң өзинде “автомат” түрде, яғный қандай да бир түрдеги ҳүжжет талап етпеген ҳалда тайынланады. Сондай-ақ, пенсияға шығыў процесслеринде айырым жеңилликлер де белгиленди.

Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Киберҳуқық кафедрасы оқытыўшысы Жавоҳир Эшонқулов төмендегилерди мәлим етти.

Зыянлы ҳәм қәўипли өндирис факторларына ийе болған өндирислер, мәкемелер, жумыслар, кәсиплер, лаўазымлар ҳәм көрсеткишлерди Дизимге киргизиў зәрүрлиги ҳаққындағы хызметкерлердиң усыныслары еки нусқада таярланып, жумыс бериўши ҳәм кәрхана кәсиплик аўқамы комитетине ямаса хызметкерлердиң басқа да ўәкилликли уйымына жибериледи.

Дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды таярлаў ҳәм жумыс бериўшиге усыныў ушын Комиссия төмендегилерди тексереди.

Соның ишинде, жумыс орны жобасының өндирислер, жумыслар ҳәм үскенелер жайласқан кәрхананың бас жойбарына сәйкеслиги, технологиялық процесске, үскенелерди пайдаланыў бойынша қағыйдаларға әмел етилиўи, әсбап-үскенелердиң сазлығы және жәмәәтлик ҳәм жеке қорғаныў қуралларының бар екенлиги ҳәм жарамлылығы, қорғаныў кийиминиң бар екенлиги ҳәм сәйкеслигин көрип шығады.

Тексериў ўақтында анықланған мийнет шараятларының белгиленген нормаларға салыстырғанда бузылыў жағдайлары ҳәм кемшиликлер аттестация өткерилиўине шекем сапластырылады.

Гулноза Бобоева,

ӨзА